Telegram karinform

Жәмийет

  • 29.03.2019 10:31
  • 1198

Арал теңизиндеги Возрождение атаўында бактериологиялық қураллар сынақтан өткерилген – «АиФ»


«Аргументы и факты» газетасы Арал теңизиниң ортасында жайласқан Возрождение дерлик ярым әсир даўамында тәжирийбе ҳайўанлары – ийтлер, маймыллар, қой ҳәм атларда бактериологиялық қураллар сынап көрилгенин жазды. Бул ҳаққында ӨзА хабар берди.
Возрождение атаўында 1942-1992-жыллар аралығында әскерий биохимиялық полигон болған. Оның шәртли атамасы – «Бархан» деп аталады.
Автор бул жерде дерлик ярым әсир даўамында тәжирийбе ҳайўанлары – ийтлер, маймыллар, қой ҳәм атларда бактериологиялық қураллар сынап көрилгенин мәлим етти.
Тәжирийбе ушын қолланылатуғын препарат үлгилери СССРдың барлық әскерий биохимиялық лабораториялары – Степногорск, Киров, Свердловск-19, Омутнинск, Сергиев Посад, Оболесктен алып келинген.
Объект күшли қорғалған ҳәм атаўға басқалардың кириўи қатаң қадаған етилген. Аймақ оғада жасырын болып, ҳәттеки әскерий полигонда хызмет ететуғын айырым хызметкерлер қай жерде ислегенин де билмеген.
Атаўда биоинженерлик институтлар – корпус ҳәм лабораториялар, үскенелер қоймаханаларының толық комплекси жайласқан.
Әскерлер ҳәм илимпазлар қалашаларында оғада қолайлы шараятлар жаратылған. Бирақ, 90-жылларға келип барлық нәрсе өзгерди.
1992-жылы Президент Борис Ельцин полигонды жабыў ҳаққындағы пәрманға қол қойды. Әскерий контингент Кировқа көширилди, биолаборатория болса демонтаж етилди.
Возрождение атаўында илимпазлар қандай изертлеўлер бойынша жумыс ислегени ҳеш кимге белгили емес. Мародёрлар ол жердеги үскенелер, қандайда бир қунлылыққа ийе болған ҳәр қандай нәрсени тасып алып кеткен. Ол жерде тек ғана гөне жайлар қалған.

Аўдарма: Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

    2025-жыл 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасы тарийхый ўақыяға гүўа болды – биринши мәрте Арал мәденияты саммити

ChatGPT менен турақлы сөйлесиў қәўипли ақыбетлерге алып келиўи мәлим етилди

ChatGPT менен турақлы сөйлесиў қәўипли ақыбетлерге алып келиўи мәлим етилди

Психологлар жасалма интеллект пенен сөйлесиў, әсиресе, жасларға унамсыз тәсир етиўи мүмкинлигинен қәўетерленип атыр.  OpenAI ҳәм Массачусетс...

Қарақалпақстанда биринши мәрте Арал мәденият саммити өткериледи

Қарақалпақстанда биринши мәрте Арал мәденият саммити өткериледи

Усы жылдың 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстанның Нөкис қаласында биринши мәрте Арал мәденият саммити болып өтеди, деп хабар...