Telegram karinform

Жәмийет

  • 03.04.2019 10:30
  • 2210

БЕРДАҚ АТЫНДАҒЫ ҚАРАҚАЛПАҚ МӘМЛЕКЕТЛИК УНИВЕРСИТЕТИ «ЖУРНАЛИСТИКА» КАФЕДРАСЫНЫҢ ХАБАРЛАНДЫРЫЎ ХАТЫ

БЕРДАҚ АТЫНДАҒЫ ҚАРАҚАЛПАҚ МӘМЛЕКЕТЛИК УНИВЕРСИТЕТИ «ЖУРНАЛИСТИКА» КАФЕДРАСЫНЫҢ ХАБАРЛАНДЫРЫЎ ХАТЫ
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 25-февралдағы 133-ф-санлы Бийлигине муўапық Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети «Журналистика» кафедрасында 2019-жылдың 22-апрель күни «Глобалласыў процесинде ғалаба хабар қуралларының роли» атамасында халықаралық илимий конференция өткериў режелестирген.

Конференция төмендеги бағдарларды қамтыйды:

Глобалласыў ҳәм информация тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары;
Глобалласыў шараятында ҒХҚның ўазыйпалары;
Ғалаба хабар қуралларында информация қәўипсизлиги мәселелери;
Жаслардың руўхый мәдениятын қәлиплестириўде ғалаба хабар қуралларының орны;
Веб-сайтлар арқалы жаслардың жәмийетлик, сиясий, мәдений, экономикалық билимлерин асырыў жоллары;
Ғалаба хабар қуралларының әдебий тилден пайдаланыў мәселелери;
Социаллық тармақлардың жаслардың көз-қарасларын қәлиплестириўге тәсири;
Глобал тармақларда информациялық қәўипсизликти тәмийинлеў усыллары;
Журналистлик этика ҳәм журналистлик ҳуқық мәселелери.

Конференцияда қатнасыў ушын материаллар шөлкемлестириў комитетине усынылыўы керек. Конференция материаллары топламын баспадан шығарыў нәзерде тутылған.

ИЛИМИЙ МАҚАЛАЛАРҒА ҚОЙЫЛАТУҒЫН ТАЛАПЛАР:

- илимий мақалалар конференцияның темасына ҳәм көрсетилген бағдарларға сәйкес келетуғын актуал, илимий анализленген ҳәм жуўмақланған пикирлерге тийкарланған, тийисли усыныслар келтирилген формада усынылыўы керек;
- материаллар қарақалпақ, өзбек, рус ҳәм инглис тиллеринде усынылыўы мүмкин;
- илимий мақалалар редакторланған ҳалда А4 көлеминдеги қағазға, жоқарыдан ҳәм төменнен 2,5 см, шептен 3 см, оңнан 1,5 см орын қалдырып териледи. Мақаланың атамасы 1 интервалдан соң автордың аты ҳәм фамилиясы бас ҳәриплерде жазылады. Кейин автордың жумыс орны ҳәм лаўазымы көрсетиледи. Соң 1 интервал қалдырылып текст 1,5 интерваллы қатарларда Times New Roman шрифтинде, 14 кегел көлеминде болыўы керек;
- илимий мақалалар 5-беттен аспаўы, бир нусқа қағазда ҳәм электрон көринисте, сондай-ақ автор ҳаққындағы мағлыўматлар: телефон, почта мәнзили көрсетилип шөлкемлестириў комитетине усынылады;
- Студентлер ҳәм магистрлардың мақалалары илимий басшының пикири менен қабыл етиледи.
- Шөлкемлестириў комитети мақалаларды саралаў ҳәм редакторлаў ҳуқықына ийе. Мақаладағы келтирилген фактлер ҳәм пикирлер ушын автордың өзи жуўапкер.

Шөлкемлестириў комитетиниң мәнзили: Нөкис қаласы, Ч.Абдиров көшеси 1-жай, Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети Журналистика кафедрасы 2-бина, 3-этаж, 316-бөлме.

Жуўапкерлер: Злиха Оразымбетова (91) 386-07-49
Даулетбай Бекбаулиев (99) 318-36-64
Тамара Машарипова (99) 951 95 67
Ҳурмет Атажанов (93) 485-68-55


Почта манзили: E-mail: Zlixa4@mail.ru; hurmet_05@mail.ru; janga-tv@mail.ru
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Айырым Қазақстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым Қазақстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

        Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ўәкилликлерине киргизилген мәселелер бойынша физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатларын жедел түрде қабыл

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

        Пекиндеги Синхуа университети толық жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын биринши «Агент емлеўханасы»н шөлкемлестирди. Онда 14 виртуал