Telegram karinform

Жәмийет

  • 03.04.2019 10:58
  • 1488

«Жас өрт өшириўши» спорт жарысының Нөкис районлық басқышы өткерилди


Усы жылдың 2-апрель күни Нөкис районындағы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби майданшасында «Жас өрт өшириўши» спорт жарысының районлық басқышы болып өтти. Бул ҳаққында Нөкис районлық Өрт қәўипсизлиги бөлимшеси баслығы, капитан Н.Нурекеев хабар берди.
Спорт жарысына райондағы улыўма билим бериў мектеплеринен сайланды командаларда жәми 42 оқыўшы қатнасты.

Жарыс командалық түрде турникке тартыныў, 100 метр аралыққа, сондай-ақ, 1000 метр аралыққа жуўырыў сыяқлы 3 турдан ибарат болды.
Жарыс жуўмағына муўапық, командалық есапта райондағы 1-санлы улыўма билим бериў мектеби жеңимпаз деп табылған болса, 9-санлы ҳәм 7-санлы улыўма билим бериў мектеплери сәйкес түрде 2- ҳәм 3-орынларды ийеледи.

Жарыс жеңимпазларына Нөкис районлық Өрт қәўипсизлиги бөлимшеси, Жаслар аўқамы районлық Кеңеси ҳәм районлық Халық билимлендириў бөлими тәрепинен таярланған саўғалар тапсырылды.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

    2025-жыл 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасы тарийхый ўақыяға гүўа болды – биринши мәрте Арал мәденияты саммити

Газ ҳәм электр энергиясы тарифлериниң артыўы 1-майға шекем кешиктирилди

Газ ҳәм электр энергиясы тарифлериниң артыўы 1-майға шекем кешиктирилди

    Президент ҳүкиметке газ ҳәм электр энергиясы тарифлерин арттырыўды 1-майға шекем кешиктириўди тапсырды. Алдын 1-апрельге белгиленген