Telegram karinform

Мәденият

  • 03.04.2019 17:14
  • 1637

«Жамийла» спектакли Ташкенттеги театр сахналарында қойылмақта


Усы жыл 3-6-апрель күнлери аралығында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры Ташкент қаласында гастроль сапарында болады. Бул ҳаққында Қарақалпақстан хабар агентлиги мәлим етти.
Театр жәмәәти 3-апрель күни Мәмлекетлик рус академиялық драма театрында, 3-4-апрель күнлери аралығында Муқимий атындағы Өзбек мәмлекетлик музыкалы театрында, 5-6-апрель күнлери аралығында Өзбекстан Миллий академиялық драма театрында жазыўшы Шыңғыс Айтматовтың «Жамийла» шығармасы тийкарында сахналастырылған спектакльди сахнаға қойыўды жобаластырған.
Бул ҳаққында бизге театрдың әдебий бөлим баслығы Гәўҳар Рахманова мағлыўмат берди.

Гастроль сапарының тийкарғы мақсети, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 27-августтағы «Министрликлер ҳәм мәкеме хызметкерлериниң театрға барыўын шөлкемлестириў ҳәм театрлардың республика бойлап гастроль сапарларын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы мәжилис баянламасын орынлаўдан ибарат.
Спектакль режиссёр М.Үсенов тәрепинен сахналастырылған болып, сахна декорацияларын художник З.Сайпов таярлаған. Сондай-ақ, спектакльде К.Рахмановтың қосық қатарларынан пайдаланылған.
Мағлыўмат ушын, жазыўшы Ш.Айтматовты туңғыш мәрте дүньяға танытқан, 1958-жылы жазылған бул қунлы шығарма, дүнья халықларының 40 тан аслам тиллерине аўдарма исленген.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Дийқанлардың тәбийий апатлар ҳәм басқа да қәўиплерден көретуғын зыянларын қаплаўдың жаңа системасы жаратылады

Дийқанлардың тәбийий апатлар ҳәм басқа да қәўиплерден көретуғын зыянларын қаплаўдың жаңа системасы жаратылады

    Аўыл хожалығы қамсызландырыўына байланыслы жаңа илажлар: ➖ Зыян муғдары ғәрезсиз экспертлер тәрепинен баҳаланады; ➖ Мәмлекет

Қарақалпақстанда және бир жөнелис бойынша жолаўшы поездының қатнаўы жолға қойылмақта

Қарақалпақстанда және бир жөнелис бойынша жолаўшы поездының қатнаўы жолға қойылмақта

    Қарақалпақстан Республикасының Мискин, Төрткүл, Елликқала районлары халқына еле де көбирек темир жол хызметлерин көрсетиў мақсетинде

Төлепберген Қайыпбергеновтың 93 жыллығына арналған республикалық конференция болып өтти

Төлепберген Қайыпбергеновтың 93 жыллығына арналған республикалық конференция болып өтти

Бүгин, 7-май күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық жазыўшысы...