Telegram karinform

Мәденият

  • 11.09.2017 12:02
  • 2358

«Ярамазан» садақа сораўдың заманагөй усылына айланды (ма?)



Ислам дининдеги ең белгили байрамлар есапланған Ораза ҳайт ҳәм Қурбан ҳайты қарақалпақ халқының миллий қәдириятлары арасында ажыралмас орынға ийе диний байрамлар болып табылады. Муқаддес рамазан айында нийет еткен халқымыз ораза тутып, елимиздиң тынышлығын, аспанымыздың ашықлығын ҳәм абадан турмыстың болыўын тилейди. Ал кишкене балалар болса муқаддес рамазан айы басланғанда үйлерге кирип, олардың шаңарақларына аманлық-есенлик, мол ырысқы-несийбе тилеп, қосық айтыў бурыннан киятырған сал-дәстүрлеримиздиң бири. Бул қосық халқымыз тилинде «Ярамазан» деп айтылады. «Бала тилеги қабыл» деп айтқан дана халқымыз тынышлық, берекет ҳәм аўызбиршилик тилеп, өз тилеклерин қосық формасында айтып турған балаларға нан, баўырсақ, қант, набат, мийўе-шийўе ямаса ақша беретуғын болғаны ҳәммемизге белгили.
Бундай салт-дәстүрлеримиздиң атадан-балаға, әўладтан-әўладқа өтип, бүгинги дәўиримизге шекем жетип келгени халқымыздың өз қәдириятларына қаншелли садықлығынан дәрек береди. Биз буның менен халқымызды мақтаныш етсек арзыйды. Өйткени, бизге әдебияттаныў сабақлықларынан белгили, өткен әсирде елимиз бурынғы Аўқам қурамында болған дәўирде көпшилик салт-дәстүрлеримиз қатары ораза тутыў, «Ярамазан» айтыў қуўдаланған болып, оны сол дәўирдеги сабақлықларда «жарлы, кәмбағаллар, тилемшилер айтатуғын қосық»қа шығарған еди.
Бүгинги турмысымызға нәзер аўдарсақ, «Ярамазан» айтыў шаңарақларға, от басыларға татыўлық, аўызбиршилик тилеў мазмунынан узақласып, балалардың мәзи пул табатуғын «талабы»на айланып қалғанындай сезиледи.
Бундай жуўмаққа келиўиме қаламыздағы киши районлар араларында, сондай-ақ, адамлар, автомашиналар көп жыйналатуғын орынларда мезгилсиз-мәкансыз, ҳайт жоқ, той жоқ кишкене балалардың «Ярамазан» айтып, тилемшилик етип жүргениниң көп мәрте гүўасы болғанлығым себепши болды. Оразада да үйлерге «Ярамазан» айтып келген бала биринши гезекте неше сўм берер екен, деп қолыңа қарап турады. Бул оғада аянышлы жағдай, деп ойлайман. Балаларының усындай етип жүргенин көпшилик ата-аналар билмесе керек (билсе де айрымлары буған итибарсыз қатнаста болады).
Және бир айта кететуғын жери, көпшилик балалар Қурбан ҳайтында да үйлерге «Ярамазан» айтып келеди. Мениң пикиримше, бул қосық тек ғана муқаддес рамазан айында айтылыўы керек.
Усы орында елимиздеги барлық ата-аналарды усындай ўақытларда өз балаларына ата-бабаларымыздан мийрас болып киятырған усындай салт-дәстүрлеримизди бурмаламай, дурыс түсиндирип, оларды келешек әўладқа жеткерип бериўдей уллы исте белсендилик көрсетиўге шақырып қаламан.

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда экобелсендилер ушын жеңилликлер бериў жобаластырылмақта

Өзбекстанда экобелсендилер ушын жеңилликлер бериў жобаластырылмақта

Уқсас жаңалықлар

Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ректоры тайынланды

Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ректоры тайынланды

    Бүгин, 5-декабр күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында шөлкемлестириў мәселелерине арналған жыйналыс болып өтти.

Дүньяда ең көп сатылып атырған смартфонлардың аты мәлим болды

Дүньяда ең көп сатылып атырған смартфонлардың аты мәлим болды

    Сатылымлар рейтингинде Apple биринши орынды ийеледи. Пайдаланыўшылар ең көп қайсы моделлерди сайламақта?   Apple компаниясынын IPhone

ChatGPT: Ол қалай ислейди ҳәм авторлық ҳуқықы кимге тийисли?

ChatGPT: Ол қалай ислейди ҳәм авторлық ҳуқықы кимге тийисли?

    Жасалма интеллект қалай ислейди, ол келешекте инсан мийнетиниң орнын баса ала ма, нейрон тармақлар тәрепинен