
Адамлардың шашының ағарыўы шаштың реңин қәлиплестириўге көмеклесетуғын меланин пигментиниң бөлип шығарылыўы менен тығыз байланыслы. Меланинди меланоцит деп аталатуғын клеткалар ислеп шығарады. Олар шаштың тийкарғы бөлегинде топланады. Кейин меланин шаштың өсиўине жәрдемлесетуғын клетка кератиноцитке бериледи. Олардың өз функциясын атқара алмай қалыўына себепши болатуғын бирнеше факторлар бар:
- Меланоцитлердеги водород пероксидлерди пайда ететуғын ферментлердиң жумыс ислеўи әззилей баслайды;
- Водород пероксиди нормадан тыс топланып қалып, меланинниң пайда болыўы ушын зәрүрли болған тирозиназ ферментин истен шығарады;
- Олар менен бирге бирнеше протеинлер өз жумысын тоқтатады. Яғный, меланоциттен кератиноцитке меланинди жеткерип беретуғын протеин жумыс атқармай қалады. Меланинниң зәрүрли бөлеги бөлип шығарылмағаннан соң шаш ағара баслайды. Соның менен бирге, олардың дүзилиси де өзгереди.
Ағарған шаштың клеткалары тез бөлинеди. Әсиресе, тийкарындағы клеткалар белсенди болады. Қыйыншылыққа дус келген ўақытта, түскинликли жағдайларда адам организминдеги водород пероксиди нормадан артық бөлине баслайды. Бирақ, ол шаштың барлығын ағартыўға әззилик етеди. Сол себепли, 5 минуттың ишинде шаштың ағарыўы мүмкин емес.