Telegram karinform

Жәмийет

  • 09.04.2019 15:27
  • 1174

Жоқары әскерий оқыў орынларына қабыллаўда өзгерислер болды


Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлигиниң жоқары әскерий оқыў орынларына оқыўға қабыллаў тәртиби ҳаққындағы уставқа киргизилген өзгерислер Әдиллик министрлигинде мәмлекетлик дизимге алынды, деп жазады Kun.uz.
Хабарда жазылыўынша, устав тийкарында жоқары әскерий оқыў орынларына оқыўға кириўди қәлеген талабанлар тәрепинен қорғаныў ислери бөлимине бир неше ҳүжжетлер менен биргеликте жасаў орнынан минезлеме ҳәм шаңарақ ағзаларының саны ҳаққындағы мағлыўматнама да тапсырылыўы керек еди.
Өзгерислерге муўапық, бул талап бийкар етилди.
Буннан былай жумыс ислеп атырған (оқып атырған) талабанлар ғана жумыс (оқыў) орнынан минезлеме ҳәм мағлыўматнама алып келиўи керек. Ислемейтуғын (оқымайтуғын) талабанлардан бундай ҳүжжет талап етилмейди.
Мағлыўмат ушын, жоқары әскерий оқыў орынларына талабанларды оқыўға қабыллаў Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен тастыйықланған Қатарға қосыў жобасына муўапық Өзбекстан Республикасы қорғаныў министриниң жоқары әскерий оқыў орнына қабыллаў орынларын ажыратыў ҳаққындағы буйрығы тийкарында әмелге асырылады.
Жоқары әскерий оқыў орынлары курсантларының контингентин сапалы түрде қатарға қосыў ушын:
- әскерий-профессионал бағдар;
- дәслепки сайлаў;
- әскерий-профессионал сайлаў;
- тест сынақларын нәзерде тутатуғын комплексли басқышпа-басқыш сайлаў әмелге асырылады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет