Telegram karinform

Жәмийет

  • 09.04.2019 15:38
  • 1425

Нөкисте басқыншы ерли-зайыплыны пышақлады: олардың бири қайтыс болды


Бас Прокуратураның хабарына тийкарланып Sof.uz сайтының хабар бериўинше, усы жылдың 8-апрель күни Нөкис қаласы Тахтакөпир көшеси 66-жайда жасайтуғын пуқара үйинде жүрген намәлим адамның даўысын еситип, ол тәрепке барған ўақытта намәлим адам оны қастан өлтириў мақсетинде көкирек қуўыслығының оң тәрепине пышақ пенен бир мәрте урған.
Сондай-ақ, намәлим адам жәбирлениўши үйдегилерди жәрдемге шақырған ўақытта кирип келген өмирлик жолдасының көкирек қуўыслығының шеп тәрепине пышақ пенен бир мәрте урып, ўақыя орнынан қашып кеткен.
«А.Ш. алған жарақаты ақыбетинде ўақыя орнында қайтыс болған, Д.М. емлеўханаға жатқарылып, оператив түрде көрсетилген медициналық жәрдем нәтийжесинде оның өмири сақлап қалынған», - деп жазылған хабарда.
Бул жағдай бойынша Нөкис қалалық прокуратурасы тәрепинен Өзбекстан ЖКның 97-статьясы 2-бөлими «а» бәнти менен жынаят иси ашылған.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...