Telegram karinform

Жәмийет

  • 11.04.2019 15:36
  • 1249

Жол ҳәрекети қағыйдаларына киргизилген өзгерислер қашаннан баслап күшке киреди?

Жол ҳәрекети қағыйдаларына киргизилген өзгерислер қашаннан баслап күшке киреди?
Кеше, 10-апрель күни жол ҳәрекети қағыйдаларына айрым өзгерислер киргизилгени ҳаққында хабар берген едик.
Бул ҳаққындағы Министрлер Кабинетиниң қарары Lex.uz сайтында жәрияланды.
Қарардың өзинде бул өзгерислердиң қашаннан баслап күшке кириўи ҳаққында сөз етилмеген, деп жазады ҳуқықтаныўшы-блогер Хушнудбек Худайбердиев.
Оның жазыўынша, «Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳаққында»ғы Нызамның 30-статьясына муўапық, нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер, егер ҳүжжетлердиң өзинде узақ аралықтағы ўақыт көрсетилген болмаса, олар рәсмий түрде жәрияланған күннен баслап күшке киреди.
Демек, бул өзгерислер кеше, 2019-жыл 10-апрельден баслап күшке кирди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...