Telegram karinform

Спорт

  • 12.04.2019 10:31
  • 1654

Халықаралық аўыр атлетика федерациясы Рустам Жангабаевты спорттан ўақытша шетлетти


Халықаралық аўыр атлетика федерациясы – IWF хабарына тийкарланып Kun.uz сайтының мәлим етиўинше, аўыр атлетикашы, жәҳән чемпионаты сыйлы орын ийеси Рустам Жангабаевтың допинг үлгиси өсиў гормоны (hGH) бойынша унамсыз анализ нәтийжелерин берген.
11-апрель күни IWF сайтында жәрияланған хабарда жазылыўынша, Жангабаев антидопинг қағыйдаларын бузғаны ушын спорттан ўақытша шетлетилди.
Атап өтилиўинше, егер спортшы антидопинг қағыйдаларын бузбағаны анықланса, онда бул бойынша тийисли қарар да жәрияланады.
IWF бул ис бойынша сорастырыў процеси жуўмақланғанға шекем қосымша мағлыўмат бермейтуғынлығын мәлим еткен.
Мағлыўмат ушын, Рустам Жангабаев 1993-жыл 25-августта туўылған, жарысларға 105 килограмнан жоқары салмақ категориясы бойынша қатнасады. 2018-жылдағы жәҳән чемпионаты сыйлы орын ийеси, 2017-жыл Ашхабадта өткерилген Азия ойынлары чемпионы, Рио-де-Жанейродағы жазғы Олимпия ойынларының қатнасыўшысы болып есапланады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет