Telegram karinform

Жәмийет

  • 13.04.2019 09:51
  • 1416

Жумыссызлық напақасының муғдары көбейтиледи


Өзбекстанда жумыссызлық напақасы мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарына теңлестирилген ҳалда көбейтиледи. Бул ҳаққында бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министри Шерзод Кудбиев хабар берди, деп жазады Kun.uz.
Хабарда жазылыўынша, ҳәзирги ўақытта 577 172 сумды қурайтуғын мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары орнына «базалық есаплаў өлшеми» термини енгизиледи.
- Ҳәзирги ўақытта жумыссызлық напақасын мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары дәрежесине шекем көбейтип атырмыз. Бул көрсеткишти базалық есаплаў өлшеми деп атаймыз. Мәмлекет халық алдындағы конституциялық миннетлемесин орынлаўы ушын адамларды жумыс пенен тәмийинлеўимиз керек. Буны орынлай алмасақ, напақа төлеўимиз шәрт. Экономикалық рычаг ислеўи ушын жумыссызлық напақасын көбейтиўимиз керек, - деп айтып өткен Кудбиев.
Соның менен бирге, министр ҳәзирги ўақытта «экономикалық функциясын орынламай атырғаны» себепли дерлик ҳеш ким жумыссызлық напақасын сорап мүрәжат етпей атырғанын атап өтти. Напақа өндириўге ерискенлер болса «тийкарынан ең кем мийнет ҳақыға тең муғдарда – 202 730 сум» напақа алмақта.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Дийқанлардың тәбийий апатлар ҳәм басқа да қәўиплерден көретуғын зыянларын қаплаўдың жаңа системасы жаратылады

Дийқанлардың тәбийий апатлар ҳәм басқа да қәўиплерден көретуғын зыянларын қаплаўдың жаңа системасы жаратылады

    Аўыл хожалығы қамсызландырыўына байланыслы жаңа илажлар: ➖ Зыян муғдары ғәрезсиз экспертлер тәрепинен баҳаланады; ➖ Мәмлекет

Бала пулын алып атырған шаңарақта балалардың саны көбейсе не болады?

Бала пулын алып атырған шаңарақта балалардың саны көбейсе не болады?

    Министрлер Кеңесиниң 654-санлы қарары менен тастыйықланған нызамға тийкарланып, – Балалар напақасы тайынланған шаңарақта балалар саны

Сиз неше саат уйқылайсыз?

Сиз неше саат уйқылайсыз?

    0-2 саат – бул аралықтағы уйқы дыққатты жәмлеўдиң қыйынласыўы ҳәм итибардың пәсейиўине алып келеди. 3-4