Telegram karinform

Жәмийет

  • 13.04.2019 10:19
  • 1503

Электрон мийнет дәптершелери қашаннан баслап әмелиятқа енгизелетуғыны мәлим болды


Өзбекстан Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги мийнет қатнасықларын электрон формаға өткериў имканиятын беретуғын бирден-бир миллий системаны ислеп шығыў бойынша жумыс алып бармақта. Бул ҳаққында Kun.uz хабар берди.
- Системаны 1-июньнан баслап иске түсириўге ҳәрекет етип атырмыз. Быйыл барлық жумыс бериўшилер мийнет қатнасықларын усы электрон система тийкарында рәсмийлестириўи шәрт болады. Ҳәр қандай мийнет шәртнамасы, оның бийкарланыўы, бир лаўазымнан басқасына өткериў усы жерде рәсмийлестириледи, - деп айтып өткен министр.
Хабарда жазылыўынша, министрлик системаны сынақтан өткермекте. Қәлеген кәрхана бул системаны сынап көриўи ҳәм анықланған кемшиликлер ҳаққында министрликти хабардар етиўи мүмкин. Система рәсмий түрде иске түсиўинен алдын оған киргизилген барлық мағлыўматлар өшириледи.
Министрдиң атап өтиўинше, мийнет шәртнамасы система арқалы рәсмийлестириледи. Болмаса мийнет қатнасықлары болмайды. Хызметкердиң телефонына СМС хабар арқалы келген тастыйықлаўшы код киргизилгенинен соң шәртнамаға қол қойылған болады. Юридикалық шахстың таңбасы сыпатында болса электрон санлы таңба хызмет етеди.
- Мийнет шәртнамасы мәмлекетлик тилде дүзиледи. Шәртнамалар автоматластырылған тәризде номерленеди. Номерлер қайталанбайды. Барлық мийнет шәртнамалары тәртип бойынша номерленеди, яғный ҳәзир Ташкентте, кейингиси Хорезмде, соңынан Әндижанда, - деп айтып өтти министр Кудбиев.
Усы тәризде мийнет шәртнамаларының электрон базасы қәлиплеседи, бул болса өз гезегинде, мийнет дәптершелериниң электрон базасын қәлиплестиреди. Пенсия есаплаўда буллстема тийкарғы мағлыўматлар базасы болады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...