Өзбекстан аймағында жайласқан ўәлаят көп тармақлы медициналық орайларында төмендеги шахсларға бийпул медициналық жәрдем көрсетиледи, деп хабар берди qalampir.uz:
- шын жетимлер;
- I ҳәм II топар майыплығы болған шахслар;
- балалықтан майыплар;
- 1941-1945-жыллардағы урыс ветеранлары;
- 1941-1945-жыллардағы урыс жылларында мийнет фронты қатнасыўшылары; жумыс ислемей атырған пенсионерлер;
- Чернобил АЭСдағы жағдайды сапластырыўда қатнасқан шахслар;
- пуқаралардың өзин-өзи басқарыў органларынан напақа алып атырған кем тәмийинленген шаңарақ ағзалары;
- социаллық әҳмийетке ийе кеселликлер менен кеселленип атырған шахслар;
- 15-17 жаслы өспиримлер ҳәм шақырыў комиссиялары жөнелислери бойынша шақырыў жасындағы шахслар.
Сахибжамал Есемуратова