Telegram karinform

Жәмийет

  • 15.04.2019 10:46
  • 1408

Автотранспорт қуралын мәмлекетлик дизимге алыўда техникалық тексериў бийкар етилиўи мүмкин


Норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерди додалаў порталында автомототранспорт қуралларын мәмлекетлик дизимге алыўдың жаңа механизмин белгилеп беретуғын ҳүжжет жойбары жәрияланды.
Жойбарға муўапық, автомототранспорт қуралларын мәмлекетлик дизимге алыў ҳәм автономер бериў хызмети тәжирийбе формасында 2019-жыл 1-майдан баслап Ташкент қаласында ИИББ менен биргеликте Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы көрсетиледи.
Бунда орайлар арқалы төмендеги категориядағы автоторанспорт қураллары дизимге алыныўы жобаластырылмақта:
- Өзбекстанда ислеп шығарылған ҳәм сырт еллерден алып келинген жаңа автомототранспорт қураллары;
- нотариаллық алып-сатып шәртнамасы тийкарында мүлк ийеси өзгерген екилемши автотранспорт қураллары.
Автотранспорт қуралын дизимге алыў ушын пуқаралардан тек ғана паспорт ҳәм мүлк ҳуқықын билдиретуғын ҳүжжет (автосалонларда берилетуғын есап-мағлыўматнама, бажыхана декларациясы ямаса алып-сатыў шәртнамаларының бири) усынылады.
Хызмет көрсетиў ўақты – бир саат.
Жойбар халықты қыйнап киятырған тийкарғы еки машқала – бюрократия ҳәм коррупцияны сапластырыўға бағдарланғаны менен әҳмийетли есапланады, деп жазылған хабарда.
Агентликтиң усынысына муўапық, буннан былай автотранспорт қуралын мәмлекетлик дизимге алыўда автотранспорт қуралларын көзден өткериў, техникалық тексериўден өткериў талап етилмейди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...