1. Адамның қабырғасы 1 жыл ишинде 5 миллион рет қозғалады.
2. Адам скелети ҳәр 3 ай сайын өзгерип отырады.
3. Адам суўсыз 2-3 күннен артық жасай алмайды.
4. Адам уялып қызарған ўақытта оның асқазаны да қызарады.
5. Адам уйқыға кетиўи ушын орташа есапта 7 минуттай ўақыт керек болады.
6. Қалада жасайтуғын адам өмириниң 2 ҳәптеси светофор реңиниң алмасыўын күтиўге сарпланады.
7. Әпиўайы адамның көзи 160 қа жақын реңлерди ажырата алса, жақсы сүўретшиниң көзи 10 мыңға шамалас реңлерди парқлай алады.
8. Сигарета шегетуғын адам жақсы өмир сүриў ушын берилген өмириниң орташа есапта 22 жыллық дәўирин бийкарға өткереди.
9. Адамның көзи 60-80 минуттан соң қараңғылыққа толық ийкемлеседи.
10. Ҳаял адамлар ер адамларға қарағанда көзин 2 есе көп ашып-жумады.
Ислам МАТЕКОВ.