Telegram karinform

Спорт

  • 15.04.2019 15:30
  • 1635

Берунийли мектеп оқыўшылары Ферғана ашық бириншилигинде 2-орынды ийеледи


Усы жылдың 12-14-апрель күнлери Ферғана ўәлаяты Бағдад районында спорттың волейбол түри бойынша 2003-2004-жыллары туўылған жас өспиримлер арасында ашық турнир өткерилди.
Оған Ферғана, Жиззақ, Сурхандәрья, Ташкент, Сырдәрья, Наўайы ўәлаятларынан, Қоқанд қаласынан, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасынан Беруний районы 38-санлы улыўма билим бериў мектеби сайланды командасы қатнасты.
Өзбекстан Республикасы Президенти қарары тийкарында тастыйықланған ғалабалық спортты еледе раўажландырыў бағдарламасына муўапық шөлкемлестирилген турнир «Биз – уллы Ўатан перзентлеримиз!» сүрени менен жоқары дәрежеде өткерилди.

Турнирде республикамыз атынан қатнасқан берунийли жас спортшылар жақсы ҳәрекет етип, финалға шекем барлық қарсыласларын жеңип шықты. Финалда оларға бираз әўмет жетиспеди ҳәм турнир жуўмағына бола сыйлы 2-орынды ийеледи.
Бул ҳаққында бизге Қарақалпақ мәмлекетлик университети магистранты Сәкен Сердалиев хабар берди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

        Өзбекстан баспасөз еркинлиги индексинде дүньяның 180 мәмлекетиниң ишинде 148-орынды ийеледи. Республика 2024-жылғы рейтингде де усындай