Telegram karinform

Жәмийет

  • 16.04.2019 15:54
  • 1891

Париждеги дүньяға белгили Нотр Дам ширкеўи өртенип кетти (видео)


Франция дегенде көз алдымызға Нотр Дам, Эйфель минарасы, Мона Лиза, бордо шарабы, фуа-гра тағамы, шырайлы дүканлар, аккордеон, Напалеон, Ален Делон, импрессионистлер, Жанна д’Арклар келеди.
Усы дизимниң басында турған Нотр Дам Эйфель минарасынан да қунлы ғәзийне, француз миллети тарийхының жанлы гүўасы болып табылады.
15-апрель күни кеште усы ширкеўде өрт келип шықты. Жеделлик пенен жетип келген өрт өшириўшилер бир неше саат ишинде өртти сапластырғаны менен, ширкеўдиң бир бөлеги жанып кетип, минарасы қулап түсти.

Ўақыя орнына жетип келген президент Эммануэль Макрон:
- Мен усы гәплеримди барлық француз елине арнағым келеди. Нотр Дам – бизиң тарийхымыз, әдебиятымыз, қыял-әрманымыз. Ол биз бенен бирге эпидемияны да, урысларды да, ғәрзесизликке ерискенимизди де көрди. Ол бизиң өмиримиздиң эпицентри, - деп алдағы ўақытлары оны қайта тиклеў ушын барлық күш-жигерин сарплайтуғынлығын билдирди.


Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Уқсас жаңалықлар

Өзлестириў көрсеткиши жоқары болған социаллық белсенди студентлерге тәлим гранты бериледи

Өзлестириў көрсеткиши жоқары болған социаллық белсенди студентлерге тәлим гранты бериледи

    ️Енди жоқары курслардағы өзлестириўи жақсы ҳәм социаллық белсенди студентлер толық ямаса белгили бир бөлеги муғдарында

Нөкисте пропан газ тасыўшы жүк машинасы аўдарылып кетти

Нөкисте пропан газ тасыўшы жүк машинасы аўдарылып кетти

    ЖТҲ айдаўшы басқарыўды жоғалтыўы нәтийжесинде жүз берген. Ҳәдийсе ақыбетинде ҳеш ким жарақат алмаған. Айрықша жағдайлар

2025-жылда туўылатуғын балалар Бета аўлад деп аталады

2025-жылда туўылатуғын балалар Бета аўлад деп аталады

    2025-2039-жыллар аралығында туўылған балалар Бета әўлад ўәкиллери сыпатында тән алынады. Бул ҳаққында «New York Post»