Telegram karinform

Жәмийет

  • 16.04.2019 17:07
  • 1785

World Press Photo таңлаўындағы ең жақсы фото жәрияланды


Фотограф Джон Мурдың АҚШ ҳәм Мексика шегарасында түсирген «Жылап турған гондураслы қыз» фотосүўрети World Press Photo таңлаўында жеңимпаз деп табылды.
Сүўретте қыздың анасы Сандра Сенчести шегарашы тексерип атырғанда, жылап турған кишкене қыз – Янела сәўлеленген. Сандра Санчес қызы менен бирге АҚШтан қоным табыў ушын Орайлық Америка, Мексика арқалы 1 ай жол жол жүрген.
Бул хабар шыққаннан соң АҚШ шегара хызмети шегараны кесип өтпекши болған мыңлаған мигрантлар арасында ана ҳәм бала болмағанын билдирген.
Мағлыўмат ушын, World Press Photo фотожурналистика тараўындағы белгили, ең үлкен сыйлық болып табылады. 2019-жылғы таңлаўға 4738 фотожурналист қатнасып, 78801 фотосүўрет келип түскен.
Ең қызықлы тәрепи сонда, Джон Мур усы күнге шекем 6 материкте, 65 мәмлекетте болып, ол жерлердеги тыныш өмирди сүўретке түсирип келген. 2008-жылдан берли оның баслы темасы – иммигрантлар. 2005-жылы Пулитцер сыйлығын алған ҳәм басқа да бир неше сыйлықлардың лауреаты есапланады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Уқсас жаңалықлар

Өзбекстанда интернет пайдаланыўшылары саны жәрияланды

Өзбекстанда интернет пайдаланыўшылары саны жәрияланды

    ​Миллий статистика комитетиниң берген мағлыўматларына муўапық, интернет пайдаланыўшылары саны дерлик 94%ке жеткенлигин көриўимиз мүмкин. Жоқарыдағы

Өзлестириў көрсеткиши жоқары болған социаллық белсенди студентлерге тәлим гранты бериледи

Өзлестириў көрсеткиши жоқары болған социаллық белсенди студентлерге тәлим гранты бериледи

    ️Енди жоқары курслардағы өзлестириўи жақсы ҳәм социаллық белсенди студентлер толық ямаса белгили бир бөлеги муғдарында

Өзбекстанда шахстың разылығысыз оны фото ҳәм видеоға алыў қадаған етилиўи мүмкин

Өзбекстанда шахстың разылығысыз оны фото ҳәм видеоға алыў қадаған етилиўи мүмкин

Өзбекстанда шахстың разылығысыз оны фото ҳәм видеоға алыў қадаған етилиўи мүмкин. Бул бойынша нызам жойбары жәмийетшиликтиң...