Telegram karinform

Жәмийет

  • 17.04.2019 15:04
  • 1316

Тақыятаста 66 жумысшының мийнет ҳақысы берилмеди. Мәжбүрий орынлаў бюросы оларды өндирип берди


Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикалық басқармасы Тақыятас районлық бөлимине усы жылдың 4-апрель күни пуқаралық ислери бойынша Нөкис районлар аралық судынан «Тақыятасгидроэнергоқурылыс» унитар кәрханасынан 66 жумысшының айлық мийнет ҳақыларын өндирип бериў бойынша орынлаў ҳүжжети келип түсти.
Ҳүжжеттиң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде районлық бөлимниң мәмлекетлик орынлаўшылары тәрепинен тийисли тәртипте мәжбүрий орынлаў ҳәрекетлери алып барылды.
Атап айтқанда, 11-апрель күни 46 хызметкерге 45 556 998 сум өндирилип, орынлаў ҳүжжети «Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа уйымлар ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққында»ғы Нызамның 41-статьясына тийкарланып өз жумысын тоқтатты.
Қалған 20 орынлаў ҳүжжети бойынша ҳәр бири 890 000 сумнан, жәми 17 800 000 сум өндирилген болса, улыўма орынлаў ҳәрекетлери нәтийжесинде 66 жумысшыға 63 356 998 сум өндирип берилди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...