
Райондағы «Шымбай дән» ЖШЖ жанынан саатына 2 тонна салыны қайта ислеў кәрханасы иске түсти. Бул ҳаққында район ҳәкимлиги рәсмий сайты хабар берди.
Кәрхананы ашыў ушын «Агро банк»тиң районлық филиалынан 1 млрд 640 млн сумлық кредит қаржылары алынды. Үскенелер Қытай мәмлекетинен алып келинген болып, ҳәзирги ўақытта бул жерде 15 жастың бәнтлиги тәмийинленди.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz