Telegram karinform

Жәмийет

  • 17.04.2019 17:08
  • 1353

НМПИ педагогика кафедрасы баслығы Қазақстанның Қайнар университетинде лекция оқыды


Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты педагогика кафедрасы баслығы Меруерт Пазылова Қазақстан Республикасы Алматы қаласындағы Қайнар университетинде академиялық мобильлик шеңберинде педагогикалық технология курсы бойынша студентлерге лекция оқыды.
Сапар шеңберинде Қайнар университети педагогика, психология ҳәм социаллық пәнлер кафедрасы баслығы Ләззат Көмекбаева ҳәм кафедра профессоры, психология илимлериниң докторы Ақмарал Давлетовалар менен ушырасыў шөлкемлестирилип, алдағы ўақытларда илимий-педагогикалық бирге ислесиўдеги байланысларды беккемлеў бойынша пикир алмасылды.
Сондай-ақ, институт педагогика кафедрасы баслығы Меруерт Пазылова Қайнар университетинде шөлкемлестирилген «Современная практическая психология в образовании, здравоохранении, производстве» атамасындағы семинарға белсене қатнасып, сертификат пенен сыйлықланды.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Әжинияз Қосыбай улының  шығармалары түркмен тилинде басылып шықты

Әжинияз Қосыбай улының  шығармалары түркмен тилинде басылып шықты

    Әжинияз шайырдың 200 жыллығы мүнәсибети менен шығармалары түркмен тилине аўдармаланып китап ҳалында басылып шықты. Онда

Өзбекстанда ыссылық ҳәм ыссы суў тарифлери 2025-жылда қаншаға артыўы мәлим етилди

Өзбекстанда ыссылық ҳәм ыссы суў тарифлери 2025-жылда қаншаға артыўы мәлим етилди

    Өзбекстан ыссылық ҳәм ыссы суў тарифлери 2025-жыл даўамында 2 мәрте артыўы көзде тутылған. Бул ҳаққында