Telegram karinform

Жәмийет

  • 17.04.2019 17:36
  • 940

Қарақалпақстанда нарәсмий ислеп атырған 9145 хызметкер рәсмий жумысқа орналастырылды


Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик салық уйымлары тәрепинен 2019-жыл даўамында 27 мың 253 хызметкерди рәсмийлестириў жобаластырылған. Атап айтқанда, быйылғы жылдың өткен дәўиринде республика бойынша 2828 кәрханада нарәсмий ислейтуғын 9145 хызметкер рәсмий дизимге алынды. Бул ҳаққында Kun.uz хабар берди.
Атап айтатуғын болсақ:
364 саўда ҳәм улыўмалық аўқатланыў кәрханаларында 1041;
1293 өндирислик ҳәм хызмет көрсетиў кәрханаларында 4523;
222 қурылыс кәрханаларында 1528;
949 аўыл хожалығы тараўында 2053 хызметкер рәсмий дизимге алынды.
Мәмлекетлик салық уйымлары хызметкерлери тәрепинен орынларда конверт усылында ислейтуғын нарәсмий хызметкерлерди рәсмийлестириў бойынша жумыслар даўам етпекте.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...