Telegram karinform

Жәмийет

  • 19.04.2019 15:52
  • 1391

Берунийде өрт жүз берди. Үйдиң келини ҳәм ақлығы күйиў жарақатын алды


Усы жылдың 18-апрель күни Беруний районы «Бирлик» мәкан пуқаралар жыйыны Н.Раҳимов көшесинде жайласқан 3/10-жайда газ ҳәм ҳаўа араласпасының шақнаўы ақыбетинде өрт келип шықты.
Ўақыя жүз берген орынға жиберилген 2 өрт өшириў бөлимшелериниң оператив ҳәрекетлери нәтийжесинде жайдың 225 квадрат метрлик майданы өрттен сақлап қалынған. Өрт ақыбетинде үйдиң банясындағы 15 квадрат метрлик майдандағы төбеси өртенип кеткен ҳәм жүзеге келген шақнаўдан үй ийесиниң 27 жаслы келини Г.А. ҳәм 12 жаслы ул ақлығы Н.Б. күйиў жарақатын алып, емлеўханаға жиберилген.
Ҳәдийсеге қолдан соғылған газ сорығышын ысытыў қазанына жалғаўдан топланып қалған газ бенен ҳаўаның араласыўынан шақнаўы себеп болған.
Ҳәзирги ўақытта материаллық зыян муғдары анықланбақта.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

    «Өзгидромет» Қарақалпақстан Республикасында жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болыўы ҳаққында мағлыўмат берди.  Ҳаўа бираз

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет

Айырым Қазақстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым Қазақстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы