Telegram karinform

Жәмийет

  • 19.04.2019 16:40
  • 1677

Аграр университети Нөкис филиалы Аўыл хожалығы министрлигине өткерилди


Аўыл хожалығы тараўында мәмлекетлик басқарыў системасын жетилистириў илажлары ҳаққындағы Президент пәрманы қабыл етилди. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы хабар берди.
Пәрман тийкарында Аўыл хожалығы министрлигиниң тийкарғы ўазыйпалары ҳәм жумыс бағдарлары белгиленди.
Оған бола, министрлик аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты әмелге асырады.

Пәрманға муўапық, төмендегилер министрликке өткерилди:
- Аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат тәмийнаты илимий өндирислик орайы (Илимлер Академиясынан);
- Аўыл хожалығы техникасы ҳәм технологияларын сертификатлаў ҳәм сынаў орайы (Ҳүкимет ийелигинен);
- Туқымгершиликти раўажландырыў орайы (Инновациялық раўажланыў министрлигинен).
Сондай-ақ, Ташкент мәмлекетлик аграр университети ҳәм оның филиаллары да министрлик қурамына өткерилди.
Пәрманға муўапық, аўыл хожалығында агрохимиялық хызмет көрсетиў ҳәм өсимликлерди қорғаўды жетилистириў бойынша илажлар алып барылады және министрлик жанында қәнигелестирилген хызмет шөлкемлестириледи.
Сондай-ақ, 2019-2021-жыллары аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў ушын пайдаланылмай атырған жер майданларын өзлестириў концепциясы ислеп шығылады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Айырым Қазақстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым Қазақстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

        Пекиндеги Синхуа университети толық жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын биринши «Агент емлеўханасы»н шөлкемлестирди. Онда 14 виртуал

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

    2025-жыл 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасы тарийхый ўақыяға гүўа болды – биринши мәрте Арал мәденияты саммити