***
Қызықшылық – жолын қуўған,
«Атадан, алтаўсыз туўған»,
Намыс ушын белин буўған,
«Қарекең»ниң жигитлери.
Басқан үш мың(км) аралықты,
Даңқың журтқа таралыпты,
Күшейтиңлер таярлықты,
«Қарекең»ниң жигитлери.
Қазақстанға «КТА»ға барып,
Талантыңды иске салып,
Киятырсыз, топты жарып,
«Қарекең»ниң жигитлери.
Сыйлап атыр төрешилер,
Бәри «қасқыр» билесизлер,
Жеңис пенен келерсизлер,
«Қарекең»ниң жигитлери.
Ҳәзил менен «жарып» залды,
Ярым финал, өтип алды,
Жеңиске бир қәдем қалды,
«Қарекең»ниң жигитлери.
Жарған жериң жамай бериң,
«Қамаў тер»ге қамай бериң,
Кубокларды санай бериң,
«Қарекең»ниң жигитлери.
«КТА»ға жолды ашқанларға,
Тилегим бар ақ таңларда,
«Қарекең»ниң ўаҳаҳасын,
Жеткериңлер аспанларға.
«Өмирбек»тен алған саға,
Дүлдиллерде алтын таға,
Миллий шапан кийген жыға,
«Қарекең»ниң жигитлери.
Көтерип шық машқалаңды,
Таңландырып басқаларды,
Ҳәзил деген, тас жарады,
«Қарекең»ниң жигитлери.
Мақсет екен сәрдарыңыз,
Туўры алған бағдарыңыз,
Төрешиден: - кубок берер,
Көп болғайда қардарыңыз.
Юсуп, Шуҳрат ҳәм Баҳадыр,
Ҳәзиллери, сап «сақа»дур,
Әжинияз, Айдос, Расул,
Қанат жайған жас шақа дур.
Наўрызбаев Муханы шоқ,
Ҳәзил десе, атылған оқ,
Бәршеңизден кеўлимиз тоқ,
«Қарекең»ниң жигитлери.
Қосықларды алың сайлап,
Тап жүргендей тойда-тойлап,
Тамашагөй, кетсин ойнап,
«Қарекең»ниң жигитлери.
Шоқ намалар ойнап турсын,
Душпан иши қайнап турсын,
Ҳәзил айтып сайрап турсын,
«Қарекең»ниң жигитлери.
Финалдан орын алғайсыз,
Дослыққа көпир салғайсыз,
Бәриң саламат болғайсыз,
«Қарекең»ниң жигитлери.
Миннетдармыз Турғанбайға,
Жал ендирген «қулын, тайға»,
Айланғайда – «шығай бай»ға,
«Қарекең»ниң жигитлери.
Ел намысы – қолыңызда.
Ашық болсын жолыңызда,
«Төбедегин жулып түсиң,
Төртеў түўел болыңызда».
«Басшы» болсам билер едим,
Бир илажын көрер едим,
«Жаўлаң» ҳәзил әлемин деп,
Бир имарат берер едим.
«Қарекең»ниң жигитлери...
Ақшолпан Аманияз
19.04.2019-жыл.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz