Telegram karinform

Жәмийет

  • 27.08.2020 10:13
  • 1244

«Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығы Қарақалпақстаннан кимлерге несип етти?

«Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығы Қарақалпақстаннан кимлерге несип етти?
«Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығы менен сыйлықлаў ҳаққында»ғы Президент қарарына муўапық, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының қәбилетли жигитлери илим, билимлендириў, медицина, әдебият, көркем өнер, спорт, өндирис, әскерий хызмет тараўлары ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларындағы жумысларында қолға киргизген табыслары ушын мәмлекетлик сыйлық пенен сыйлықланды.

Қарарға муўапық, мәмлекетлик сыйлық Қарақалпақстан Республикасынан 2 жигитке несип етти:

Рахимбаев Отабек Давлатбаевич – Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң 3-курс студенти;

Сержанов Памир Оралбаевич – Нөкис қаласындағы «Оралбай Нукус» шаңарақлық кәрханасының баслығы.

Мәмлекетлик сыйлық пенен сыйлықланғанларға диплом ҳәм көкирек белгилери салтанатлы түрде тапсырылады.

Мағлыўмат ушын, «Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығы лауреатларының ҳәр бирине базалық есаплаў муғдарының 50 есеси муғдарында ақшалай сыйлық бериледи.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Уқсас жаңалықлар

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

        АҚШтың студентлик ҳәм басқа түрдеги визаларын алажақ болған адамлардың социаллық тармақлары тексериледи. Мәмлекетлик хаткер Марко

Өзлестириў көрсеткиши жоқары болған социаллық белсенди студентлерге тәлим гранты бериледи

Өзлестириў көрсеткиши жоқары болған социаллық белсенди студентлерге тәлим гранты бериледи

    ️Енди жоқары курслардағы өзлестириўи жақсы ҳәм социаллық белсенди студентлер толық ямаса белгили бир бөлеги муғдарында

Контракт толық төленбесе, студентти жуўмақлаўшы ямаса аралық имтиханларға киргизбеў мүмкин бе?

Контракт толық төленбесе, студентти жуўмақлаўшы ямаса аралық имтиханларға киргизбеў мүмкин бе?

    Контрактын төлемеген студентти жуўмақлаўшы ямаса аралық имтиханларға киргизбеў нызамлы тийкарға ийе емес. Егер студент улыўма