Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги жанында Study in Uzbekistan PR-орайы шөлкемлестириледи. PR-орайының тийкарғы ўазыйпалары төмендегилерден ибарат, деп хабар берди министрлик:
- дүнья информация майданында Өзбекстанның жоқары билимлендириў тараўындағы унамлы имиджин қәлиплестириў, билимлендириў тараўын пропагандалаў, информациялық материалларды таярлаў ҳәм т.б.;
- сыртқы ислер министрлигинде шөлкемлестирилиўи жобаластырылып атырған PR-орайы менен биргеликте сырт ел пуқараларын Өзбекстанда билим алыўға шақырыў ушын турақлы түрде үгит-нәсият жумысларын алып барыў;
- дипломатиялық ўәкилликлер тәрепинен PR-орайы менен Өзбекстан ЖОО күнлерин шөлкемлестириў, жергиликли жоқары оқыў орынларын турақлы түрде реклама етиў, презентациялар өткериў, информациялық материалларды тарқатыў ҳәм т.б.
Бул Өзбекстанды Орайлық Азия мәмлекетлери арасында жоқары мағлыўматлы кадрларды таярлаў бойынша жетекши орайға айландырыў мақсетинде исленип атыр дәслепки қәдем есапланады.
Сахибжамал Есемуратова