Telegram karinform

Жәмийет

  • 24.04.2019 15:57
  • 1712

Жоқары оқыў орынларына қабыллаўдағы 7 өзгерис (Ҳүжжетлер дизими, тәртиби, тапсырыў ўақты ҳәм басқалар)


Мәмлекетлик хызметлер агентлиги жоқары оқыў орынларына оқыўға кириў нийетинде болғанларға ҳүжжетлерди қабыллаў бойынша өзине тән инструкция ислеп шықты.

1) 2019-2020-оқыў жылынан баслап Өзбекстандағы мәмлекетлик жоқары оқыў орынларының бакалавриатурасына оқыўға кириў ушын абитуриентлер Мәмлекетлик хызметлер орайлары ямаса my.gov.uz порталы арқалы мүрәжат етиў имканиятына ийе.

2) Сырт ел, жеке меншик ҳәм әскерий жоқары оқыў орынларына, жоқары оқыў орынларының магистратурасына және жоқары оқыў орынларының арнаўлы сыртқы билимлендириў формаларына оқыўға кириў ушын абитуриентлер, сондай-ақ, сырт ел пуқаралары тиккелей жоқары оқыў орнының өзине ҳүжжет тапсырады.

3) Абитуриентлер олардың турақлы (ўақытша) дизимге алынған орнына қарамастан, экстерриториаллық принцип тийкарында қәлеген Мәмлекетлик хызметлер орайына күни-түни мүрәжат етиўи мүмкин.

4) Алдынғы оқыў жыллары питкериўшилери май айынан июнь айының ярымына шекем ҳүжжет тапсырыўы мүмкин.
Быйылғы оқыў жылы питкериўшилери болса июнь айының екинши ярымынан июль айының ақырына шекем тапсырыў имканиятына ийе.

5) Мәмлекетлик хызметлер орайына төмендеги ҳүжжетлердиң түп нусқасы усынылады:
- пуқаралық паспорты (егер паспорт болмаса ишки ислер бөлимлери тәрепинен берилген 09 форма бойынша физикалық шахстың идентификациялық номери көрсетилген мағлыўматнама);
- паспорт жасына жетпегенлер ушын туўылғанлық ҳаққындағы гүўалық;
- улыўма орта билимлендириў (11-класс тийкарында) ямаса орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириў мәкемесин питкергени ҳаққындағы ҳүжжет (қосымшасы менен);
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң және Министрлер Кабинетиниң нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте жеңилликке ийе болған абитуриентлер жеңиллик ҳуқықын тастыйықлаўшы ҳүжжет.

6) Абитуриент бир ўақыттың өзинде оқытыўдың бир формасы шеңберинде үшеўге шекем жоқары оқыў орны (билимлендириў бағдарлары)н сайлаўы мүмкин. Бир неше жоқары оқыў орны (билимлендириў бағдарлары)н сайлаўда имтихан тапсырылатуғын пәнлер комплекси ҳәм избе-излиги сәйкес болыўы шәрт.

7) Абитуриент имтихан нәтийжелерине қарай жоқары оқыў орнына қабыл етилген жағдайда Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 20-июньдағы 393-санлы қарары менен тастыйықланған уставта көрсетилген ҳүжжетлердиң түп нусқаларын тийисли жоқары оқыў орынларына оқыў жылы басланғанға шекем усынылады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...