Telegram karinform

Жәмийет

  • 24.04.2019 16:39
  • 1378

Конференция қатнасыўшылары Мойнаққа сапар етти


Алдын хабар бергенимиздей, усы жылдың 22-апрель күни Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Глобалласыў процесинде ғалаба хабар қуралларының роли» атамасындағы миллий журналистикамыз тарийхындағы биринши илимий-теориялық конференция болып өтти.
Конференцияға Украинаның Киев миллий мәденият ҳәм көркем өнер университети, Қырғызстанның Ош мәмлекетлик университети, Бухара мәмлекетлик университети ҳәм Жәҳән экономикасы ҳәм дипломатиялық университетинен профессорлар, илимий излениўшилер келип, илаж шеңберинде олардың Мойнақ районына сапары шөлкемлестирилиўи жобаластырылған еди.
23-апрель күни конференция шөлкемлестириўшилери ҳәм бир топар мийманлар Мойнақ районында болды. Сапар Ҳәким ата – Сулайман Бақырғаный, Әжинияз Қосыбай улы сыяқлы теберик инсанлардың қойымшылықларын зыяратлаўдан басланды. Соңынан мийманлар райондағы Үшсай аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы улыўма билим бериў мектебине барып, оқыўшылар менен ушырасыў өткерди ҳәм оларға көркем-әдебий, илимий бағдардағы китапларды саўға етти.
Буннан соң олар райондағы дүньяға белгили «Корабльлер қойымшылығы» ҳәм Мойнақ маягына барып, бул жерлерде әмелге асырылып атырған қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары менен жақыннан танысты.
Сапар райондағы Экологиялық музей, жаңадан қурып питкерилген «Арал» стадионы, мәденият сарайы, орайлық амфитеатр ҳәм өнерментлер аллеясы, сондай-ақ, сельфи объектлерине саяхатлар менен даўам етти.
Мийманлар дүнья жүзинде экологиялық апатшылықлар орайы деп есапланатуғын Мойнақтың бүгинги шырай ашып атырған келбетин көрип, бул жердиң келешеги жарқын екенлигин айрықша атап өтти.
Солай етип, жобаластырылған сапар өз жуўмағына жетти.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Қытайда шаңарақларға үшинши перзент туўылғаны ушын 10 жыл даўамында напақа төлеп барылады

Қытайда шаңарақларға үшинши перзент туўылғаны ушын 10 жыл даўамында напақа төлеп барылады

Қытай ҳүкимети туўылыў дәрежесин арттырыў мақсетинде финанслық төлемлер ҳәм аналарға бийпул сүт бериў арқалы хошаметлеў илажларын...

Өзбекстанда ыссылық ҳәм ыссы суў тарифлери 2025-жылда қаншаға артыўы мәлим етилди

Өзбекстанда ыссылық ҳәм ыссы суў тарифлери 2025-жылда қаншаға артыўы мәлим етилди

    Өзбекстан ыссылық ҳәм ыссы суў тарифлери 2025-жыл даўамында 2 мәрте артыўы көзде тутылған. Бул ҳаққында

Time журналы 2024-жылдың ең әҳмийетли ойлап табылыўлары дизимин жәриялады

Time журналы 2024-жылдың ең әҳмийетли ойлап табылыўлары дизимин жәриялады

    Жылдың ең әхмийетли ойлап табылыўлары қатарынан кирпикти өсиретуғын технология, еки марте бүкленетуғын Huawei смартфоны, «Онлайн-неке»