Telegram karinform

Жәмийет

  • 25.04.2019 18:31
  • 1349

Каспий мәмлекетлик технологиялар ҳәм инжиниринг университети профессоры НМПИ студентлерине сабақ өтпекте


Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты филология факультети қазақ тили ҳәм әдебияты бағдары студентлерине Қазақстан Республикасы Каспий мәмлекетлик технологиялар ҳәм инжиниринг университети профессоры, филология илимлериниң кандидаты Жоламан Қобланов сабақ өтпекте.
Қазақстанлы белгили әдебияттаныўшы илимпаз студент-жасларға «Қазақ әдебияты тарийхы», «Дүнья әдебияты» пәнлеринен 22-27-апрель күнлери аралығында лекция сабақларын өтиўи жобаластырылған.

Еслетип өтемиз, усы жылдың март айында Каспий мәмлекетлик технологиялар ҳәм инжиниринг университети ректоры Б.Ахметов институт ректоры Б.Отемуратов пенен ушырасып, илимий-педагогикалық жумысларды биргеликте алып барыў ҳәм кадрлар таярлаў мәселелери бойынша келисимге қол қойған еди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Айырым Қазақстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым Қазақстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

        Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ўәкилликлерине киргизилген мәселелер бойынша физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатларын жедел түрде қабыл