Telegram karinform

Жәмийет

  • 29.04.2019 15:35
  • 2287

Ибрайым Юсупов – поэзия булағы


Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсупов 1929-жылы 5-майда Шымбай районының Азат аўылында туўылған.
1949-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик пединститутын тамамлап, усы института оқытыўшы болып ислеп қалады. 1961-62-жыллары «Әмиўдәрья» журналының бас редакторы, 1962-65-жыллары Н.Дәўқараев атындағы тарийх, тил ҳәм әдебият институтында илимий хызметкер, сектор баслығы, 1965-жылдан 1980-жылға шекем Қарақалпақстан жазыўшылар аўқамының баслығы, 1980-85-жылларда «Совет Қарақалпақстаны» газетасының бас редакторы, буннан кейинги жылларда Республикалық парахатшылықты қорғаў комитетиниң баслығы, Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының баслығы лаўазымларында жумыс исследи.
И.Юсуповтың дәслепки шығармалары 1946-жыллардан баслап жәриялана басласа, биринши поэмасы 1949-жылы жарық көрди, ал туңғыш қосықлар топламы 1955-жылы «Бахыт лирикасы» атамасында басылып шықты. Соң «Күн шығыс жолаўшысына» (1959), «Ойлар» (1960), «Жети асырым» (1962), «Ғарры туттағы гүз» (1963), «Дала әрманлары» (1966), «Заман ағымы» (1969), «Кеўил-кеўилден суў ишер» (1971), «Тумарис ҳәм басқа поэмалар» (1974), «Дала орфейи» (1975), «Йош» (1977), Шығармаларының еки томлығы (1978-79), «Дәўир самаллары» (1982), «Аласатлы дүнья бул» (1987), «Дузлы самаллар» (1988), «Кеўилдеги кең дүнья» (1989), «Үмит жағысы» (1990), Таңламалы шығармаларының еки томлығы (1992), «Беглигиңди бузба сен» (1995), «Бүлбил уясы» (1997), «Өмир саған ашықпан» (1999), «Ҳәр кимниң өз заманы бар» (2004, 2014), «Пазыйлет» (2016), «Ўатан муҳаббети» (2016), «Таңламалы шығармалары» I, II, III (2018) қосықлар топламлары ҳәм поэмалары жарық көрди. Сондай-ақ, шайыр «£арры туттағы гүз» прозалық топламын, «Қырық қыз» музыкалы драмасын, «Өмирбек лаққы» комедиясын, «Әжинияз» операсына либретто жазды.
И.Юсуповтың рус тилинде «Песни горного ручья» (1960), «Меридианы сердца» (1966), «Глаза ящерицы» (1973), «Стихи» (1976), «Степной орфей» (1975), «Розы полынь» (1980), «Звон стремены» (1981), «Стремлюсь всей душой» (1986), өзбек тилинде «Булоқлар қайнайди» (1960), «Олтин қирғоқ» (1962), «Саҳро орзулари» (1965), «Чўл турғойи» (1972), «Раҳмат сенга, замоним!» (1979), «Қора тол» (1988), қырғыз тилинде «Тала қыялдары» топламлары жарық көрсе, айырым шығармалары басқа да тиллерге аўдарылып жәрияланды.
И.Юсупов дүнья әдебияты классиклеринен Пушкин, Лермонтов, Гейне, Байрон, Шевченко, Ҳафыз, Омар Ҳайям, Наўайы, Мақтумқулы, Ҳамза, Вурғун, Ғафур Ғулам, Ҳамид Әлимжан, Зульфия, Расул Ғамзатов ҳәм басқа да сөз зергерлериниң классикалық шығармаларын аўдарады.
И.Юсуповтың қарақалпақ әдебияты ҳәм мәденияты тараўында ислеген уллы хызметлери ылайықлы баҳаланды. Оған «Қарақалпақстанға мийнети сиңген мәденият ғайраткери», «Қарақалпақстан халық шайыры», «Өзбекстан халық шайыры» ҳүрметли атақлары берилди. Ол Бердақ атындағы республикалық сыйлықтың, Ҳамид Әлимжан атындағы сыйлықтың лауреаты болды. «Мийнет Қызыл байрақ» ордени, 1994-жылы «Дослық» ордени, 2004-жылы «Эл-юрт ҳурмати» ордени менен сыйлықланды. Ал 2005-жылы ең жоқары сыйлық Өзбекстан Қаҳарманы атағы берилди. Сондай-ақ, ол бир неше мәрте Өзбекстан Республикасы Олий Кенгаши депутаты, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты болып сайланды.
Нөкисте ҳәм Ташкентте шығып туратуғын газета ҳәм журналлардың редколлегия ағзасы болды.
И.Юсупов ХХ әсир қарақалпақ поэзиясын бурын көрилмеген бийик шыңларға алып шықты. Ол қарақалпақ тилиниң шекленбеген кең, бай мүмкиншиликлери тийкарында образлы ойлаўдың жаңа формаларын өз дөретиўшилигинде көрсете алды. Бул тараўда шайыр дөретиўшилик мектеп жаратты. Шайыр поэзиясы әсирлер сынағында тапланып, миллий әдебиятымыздың ең бийик шоққыларының бири сыпатында қалатуғыны сөзсиз.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда экобелсендилер ушын жеңилликлер бериў жобаластырылмақта

Өзбекстанда экобелсендилер ушын жеңилликлер бериў жобаластырылмақта

Уқсас жаңалықлар

9 саат даўам еткен қабыллаў: Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев алты район турғынларының мүрәжатларын тыңлады

9 саат даўам еткен қабыллаў: Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев алты район турғынларының мүрәжатларын тыңлады

    Қанлыкөл районында Тақыятас, Хожели, Қанлыкөл, Шоманай, Қоңырат ҳәм Мойнақ районлары пуқаралары ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы

Дөретиўшилик мектебинде питкериў кешеси болып өтти

Дөретиўшилик мектебинде питкериў кешеси болып өтти

Бүгин, 25-май күни елимиздеги барлық улыўма билим бериў ҳәм қәнигелестирилген мектеплерде питкериўши класс оқыўшыларының «Соңғы қоңыраў»...

Төлепберген Қайыпбергеновтың 93 жыллығына арналған республикалық конференция болып өтти

Төлепберген Қайыпбергеновтың 93 жыллығына арналған республикалық конференция болып өтти

Бүгин, 7-май күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық жазыўшысы...