Telegram karinform

Жәмийет

  • 30.04.2019 18:15
  • 984

Халықаралық диний еркинлик комиссиясы «Жаслық» қамақханасын жабыўды усыныс етти


АҚШтың Халықаралық диний еркинлик комиссиясы гезектеги есабын жәриялады. Бул ҳаққында Qalampir жазбақта. Комиссия АҚШ Мәмлекетлик департаментиниң қарарын есапқа алмастан Өзбекстанды диний еркинлик бузылып атырған мәмлекетлердиң қатарынан шығармады.
Халықаралық диний еркинлик комиссиясы 2018-жылы Өзбекстанда сезилерли унамлы өзгерислер болғанын атап өтип, «диний еркинликтиң бузылыў жағдайлары» даўам еткенин атап өткен.
АҚШ Мәмлекетлик департаменти өткен жылдың 11-декабрь күни дүньядағы диний еркинликлер жағдайы ҳаққындағы гезектеги есабында Өзбекстанда «айрықша қәўетерге тийисли мәмлекетлер» дизиминен шығарып «арнаўлы қадағаланатуғын мәмлекетлер» қатарына киргизген еди.
Халықаралық диний еркинлик комиссиясы АҚШ Мәмлекетлик департаментине бул қарарды қайта көрип шығыўды усыныс етти ҳәм Өзбекстанды «айрықша қәўетерге тийисли мәмлекетлер» қатарынан шығарыўға еле ерте екенлигин атап өтти.
Сондай-ақ, комиссия Өзбекстанға диний себеплер менен айыпланған адамлар сақланатуғын «Жаслық» қамақханасын жабыўды усыныс етти.
29-апрель күни кең жәмийетшилик итибарына усынылған Халықаралық диний еркинлик комиссиясы есабында келтирилиўинше, Өзбекстан менен биргеликте «айрықша қәўетерге тийисли мәмлекетлер» қатарына Қытай, Мьянма, Россия, Түркменстан, Тәжикстан, Иран ҳәм Пакистан сыяқлы 16 мәмлекет киргизилген.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...