
Ҳәр жылғы әдет бойынша усы жылы да студентлердиң дала әмелиятына жарамсызлығын тастыйықлаўшы «руқсатнама»ны алыў үлкен машқала болмақта. Ол жердеги студентлердиң урыс-жәнжеллерин, нәўбетке таласыўларын көрип олардың ҳақыйқаттан да кесел екенлигине исениў қыйын. Бундай күш-қүдирет пенен биймәлел фермерлерге жәрдем бериў мүмкин, деп ойлап қаламан. Айырым студентлер ата-анасы менен бирге барып, таласып, жас қызларды ийтерип атырғаны. Ал, салмақлы денеге ийе жигитлердиң күшин айтпайсыз ба? Қулласы, бул жердеги жағымсыз жағдайлар бир талай. Оларды да түсиниў керек. Оқыў орынлары тезирек көриктен өткенлиги туўралы ҳүжжетти алып келиўин талап етеди. Сонлықтан, шыпакерлердиң көриктен өткериў тәртибин заман талабына сай тәртиплестириў зәрүр деп ойлаймыз. Себеби, ол жерге түрли кеселликлер менен кеселленген бийтаплар барады. Оларға қолайлы шараятларды жаратыў, нәўбетке турыўдың да жаңа формаларын ойлап табыў керек шығар.

Сахибжамал Есемуратова