Telegram karinform

Жәмийет

  • 01.05.2019 11:00
  • 1454

Нөкис районында жаңа мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси пайдаланыўға тапсырылды


Нөкис районындағы «Тақыркөл» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы әскерий бөлимде 12-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси пайдаланыўға тапсырылды. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий сайты хабар берди.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министри, район ҳәкими ҳәм жәмийетлик белсендилер қатнасты.
Бул балалар бақшасы 60 балаға арналған болып, олардың тәлим-тәрбия алыўы ушын барлық шараятлар жаратылған. Бақшаның қурылыс жумысларына жергиликли бюджет қаржылары есабынан жәми 1 млрд 652 млн сумлық қаржы ажыратылды.

Мағлыўмат ушын, ҳәзирги ўақытта Нөкис районында 12 мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси (солардың 5 еўи мәмлекетлик емес мәкеме) жумыс алып барып атырған болып, оларда жәми 1196 бала тәрбияланбақта.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

        Бул норма Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 183-статьясында келтирилген «Майда гүдибузарлық, яғный, жәмийетлик орынларда