Telegram karinform

Жәмийет

  • 03.05.2019 15:04
  • 1238

«Алтын қәлем» миллий сыйлығы Қарақалпақстаннан кимлерге несип етти?


Ҳәр жылы 3-май – Дүнья жүзилик баспасөз еркинлиги күни мүнәсибети менен елимиздеги белсенди журналистлерге берилетуғын «Алтын қәлем» миллий сыйлығына быйылғы жылы Қарақалпақстан Республикасынан кимлерге берилди?
Қарақалпақ интернет журналистикасында өзине тән орны бар, KRuz.uz сайтының тийкарын салыўшысы, марҳум журналист Фурқат Юсуповқа усы сыйлық берилетуғынлығы ҳаққында алдын хабар берген едик. Сыйлық оның ата-анасына тапсырылады.
Мағлыўматларға қарағанда, интернет журналистикасында өз орнына ҳәм сөзине ийе болып, халық арасында абыройға ийе болып киятырған Kar24.uz сайтының тийкарын салыўшысы, Қарақалпақ мәмлекетлик университети журналистика кафедрасы оқытыўшысы Қумар Бегниязова, сондай-ақ, Қарақалпақстан телерадиокомпаниясы «Қарақалпақстан» телеканалы «Хабар» мәлимлеме-таллаў бағдарламалары бас редакциясы быйылғы жылғы «Алтын қәлем» миллий сыйлығының лауреатлары, деп табылған.
Сыйлықлаў салтанаты бүгин, 3-май күни саат 16:00 де Ташкент қаласындағы «Туркистон» сарайында болып өтеди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

        Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ўәкилликлерине киргизилген мәселелер бойынша физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатларын жедел түрде қабыл

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

        Өзбекстан баспасөз еркинлиги индексинде дүньяның 180 мәмлекетиниң ишинде 148-орынды ийеледи. Республика 2024-жылғы рейтингде де усындай