
«Rally Muynak – 2019» автомототранспорт қуралларының жарысы қатнасыўшылары 3-май күни Мойнақ қаласынан старт алып, усы күни кешқурын белгиленген мәнзил – Ақтумсыққа жетип келди. Бул ҳаққында New Muynak City каналы хабар берди.
Қатнасыўшылар усы жерде түнелтип, теңиздиң ҳәзирги жағалаўларында шөлкемлестирилген жыраўлар ҳәм бақсылардың концерт бағдарламасын тыңлап, дем алды.

Олар бүгин, 4-май күни Мойнақ қаласына шекем жолға атланды.
Ислам Матеков.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz