
Усы жылы дәслепки мәрте Оксфорд Брукс халықаралық бухгалтерия ҳәм финанс университетиниң бакалавриат басқышына қысқы қабыллаў болып өтти. Қабыллаў тести 28-апрель күни еки мезгилде Жиззах транспорт ҳәм коммуникация колледжинде өткерилди. Тест нәтийжелерине муўапық, бул жоқары оқыў орнына Қарақалпақстаннан 8 абитуриент оқыўға қабылланды. Биз олардың бири менен сәўбетлестик.
«Тест сынақлары «Инглис тили» пәнинен болып өтти. Онда түрли дәрежедеги 100 сораў берилди. Соның 30 сораўына дурыс жуўап берген абитуриент төлемли шәртнама тийкарында оқыўға қабылланады. Мен соннан 41 балл топлап, студент болыўға еристим. 7 достым да оқыўға қабылланды. Буннан жүдә қуўанышлымыз», - дейди Дилназ Байымбетова өз қуўанышы менен бөлисип.
Бул студентлер Қарақалпақстандағы жоқары оқыў орынларына болып өтетуғын тест сынақларына қатнасып, өзлерин және бир мәрте сыннан өткериў имканияты бар. Өз билими, саўаты менен оқыўға қабылланған абитуриентлерди шын жүректен қутлықлаймыз.
Сахибжамал Есемуратова


