Telegram karinform

Жәмийет

  • 10.05.2019 17:34
  • 931

Елликқаладағы бақшада реконструкция жүргизип атырған жәмийет ағзаларының нызам бузыўшылық ҳәрекетлери анықланды


Мәжбүрий орынлаў бюросы Елликқала районлық бөлими тәрепинен райондағы «Наўайы» АПЖ аймағында жайласқан мектепке шекемги билимлендириў мәкемесинде реконструкция жумысларын алып барып атырған кәрхана тәрепинен электр энергиядан пайдаланыў тәртиплерине әмел етиў жағдайы үйренилгенинде, реконструкция объектиниң жоқары тәрепинен өтип турған электр энергиясы линиясына нызамсыз ҳәм тиккелей жалғанып, кепсерлеў жумысларын ислеп келгени анықланды ҳәм тийисли тәртипте рәсмийлестирилди.
Усы нызам бузыўшылық нәтийжесинде тәмийинлеўши кәрханаға 14 652 708 сум зыян жеткерилгени анықланды.
Өкинишли тәрепи, бул жәмийет тәрепинен 2018-жылы да усындай нызам бузыўшылық әмелге асырылып, жәмийет басшысы тийисли тәртипте жазаға тартылған еди. Бирақ, исбилермен буннан жуўмақ шығармаған екен.
Анықланған жағдай бойынша сорастырыў жумыслары алып барылмақта.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...