Telegram karinform

Жәмийет

  • 10.05.2019 18:01
  • 1377

Қандай жағдайларда гөш өнимлерин сатыўға рухсат етилмейди? Мәмлекетлик ветеринариялық-санитариялық нормалар

Қандай жағдайларда гөш өнимлерин сатыўға рухсат етилмейди? Мәмлекетлик ветеринариялық-санитариялық нормалар
Ҳүкиметлик қарар тийкарында Ҳайўанатларға тийисли өним ҳәм шийки затларды ислеп шығарыў, сақлаў ҳәм сатыў бойынша ветеринариялық-санитариялық норма ҳәм қағыйдалар тастыйықланды, деп хабар берди Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы.
Ҳүжжетке муўапық, гөш ҳәм гөш өнимлерин тасыў ушын арналған транспортлардың полы, ыдыслары бир тегис ҳәм өнимниң өзгешеликлерине және денсаўлыққа тәсир етпейтуғын материаллардан исленген болыўы, тазалаў ҳәм дезинфекциялаў ушын қолайлы болыўы керек.

Сүттиң температурасы қайта ислеў орнына шекем тасыў ўақтында ҳәм қайта ислеў басланғанға шекем 8°С болыўы керек.
Сүт цистерналары ҳәр сапары сүттен босатылғанынан соң жуўылыўы ҳәм дезинфекцияланыўы керек.

Балық ислеп шығарыў объектлеринде суў өткермейтуғын, тазалаў, дезинфекциялаў, суў ағып шығыўы ушын қолайлы пол қапламалары, суў ағып шығыўын тәмийинлейтуғын қурылмалар болыўы шәрт.
Балықшылық өнимлери таза суўытылған суўда кеме бортында үш күннен көп болмаған мүддетте сақланады.

Төмендеги жағдайларда гөш өнимлерин сатыўға рухсат етилмейди:
- сойылыўы қәнигелестирилген ҳәм мини сойыў кәрханаларында әмелге асырылмаған болса;
- белгиленбеген транспорт қуралларында жеткерип берилген болса;
- ветеринариялық ҳүжжетлери болмаса;
- қәнигелестирилген сойыў кәрханасының Ф-200 формасындағы мағлыўматнамасы болмаса;
- ветеринариялық-санитариялық экспертизасының жуўмағы болмаса;
- туяқлары ҳәм геллеси жүни менен турған болса, қуслардың пәрлери жулынбаған болса;
- бөлме ямаса көше температурасында илгекке асылған ямаса жерге (ашық орынға) ашық тәризде қойылған болса;
- ветеринариялық-санитариялық жақтан қәўипсизлигине кепиллик берилген гөшлердиң бирден-бир электрон базасына киргизилмеген болса.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...