Telegram karinform

Жәмийет

  • 13.05.2019 17:55
  • 1617

Светофор, камера – жәрийма… Светофордың секундомери қайда?


Ҳүрметли Президентимиздиң басламасы менен соңғы 2-3 жыл даўамында республикамыз аймағында алып барылып атырған, қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары, қаншадан-қанша өзгерислер менен жаңаланыўлар қысқа ўақыт ишинде өз нәтийжелерин көрсетип, қаламыздың шырайына-шырай, көркине-көрик қосып ғана қоймастан, жас әўлад қәлбинде ана ўатанға муҳаббат, садықлық, мәртлик, батырлық ҳәм ўатансүйиўшилик сезимлерин оятты. Инсанлар қәлбинде сөнип баратырған үмит отын қайта жағып, бахытлы ҳәм абадан турмыс кешириўге, тыныш ҳәм пәраўан күнлерге деген шүкиршилик туйғыларын арттырды. Аўыл ҳәм қалаларда жеделлик пенен алып барылып атырған жумыслардың бәршеси – әлбетте, бул халқымыз ҳәм оның абадан турмысы, келешегимиздиң беккем фундаменти есабындағы ийгиликли жумыслар саналады.
Турмысымыздың барлық тараўларындағы алып барылып атырған жумыслар қатарында жолларда автомобильлердиң еркин ҳәрекетлениўи, нызамбузыўшылық ҳәм жол ҳәрекети қағыйдаларын бузыўдың алдын алыў, жол белгилерине әмел етиў, автотранспорт қуралын басқарыўда нызам талапларына бойсыныўын тәмийинлеў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы, жол-патруль хызмети ҳәм оның хызметкерлери тәрепинен бир қанша жумыслар әмелге асырылмақта. Автотранспорт басқарыўшылары тәрепинен жол қойылған нызамбузыўшылық қағыйдаларын сапластырыў, оларды болдырмаўдың алдын алыў бағдарындағы жумыслар сапасын ҳәм нәтийжелилигин арттырыў бойынша ЖПХ инспекторлары ҳәм басқа да тийисли мәкеме ҳәм шөлкемлер тәрепинен унамлы жумыслар турақлы түрде даўам етип келмекте.
Бул жумыслардың бир мысалы сыпатында жол кесилиспелериндеги бақлаў камералары, фото ҳәм видеорадарлардың орнатылғанлығын, жолларда авариялық ҳалатлардың азайыўы ҳәм инсан өмириниң қандай да бир бахытсыз ҳәдийселер себепли қәўипли ҳалатларының алды алынып атырғанлығын айтсақ туўры болады. Бундай камералар, фото ҳәм видеорадарлардың орнатылып, бахытсыз ҳәдийселердиң ҳәм нызам бузыўшылық, сондай-ақ, жол ҳәрекети қағыйдалары бузылыўының азайып атырғанлығы жақсы, әлбетте. Бул бир тәрепи. Екинши тәрепинен алып қарағанда пуқаралардың жәриймаларды төлеў бойынша наразылықлары, усы бидеобақлаў камералары, фото ҳәм видеорадарлар себепли келип шығып атырғанлығы үлкен мәселеге айланып, халық наразышылықларын арттырып бармақта. Наразылықлардың дерлик көпшилиги орынсыз болыўы мүмкин. (Пуқара өзиниң қәтешилигин, бузған қағыйдасын мойынламаған ҳалатта) Лекин, камералар орнатылған светофор шырақларындағы ўақыт (секунд) көрсетилмегенлиги көпшилик автотранспорт басқарыўшылары тәрепинен билдирилип атырған наразылықлардың орынлы екенлигин дәлиллейди.
Халық наразышылығы себепли адамлар арасында «бул адамларды қыйнаў, ишпей-жемей тапқанды жәриймаға төлеттирип, мәмлекет бюджетин көтериў, ең кем ис ҳақының (202 730 сум) 2 есеси (405 460 сум) муғдарында жәрийманы төлеў кимге аңсат, бул биле тура исленген ҳийле, ўақыт көрсеткиши (секунд) қоймағаны – бизнес дегени, ҳ.т.б» сыяқлы ҳәр түрли унамсыз пикирлерди келтирип шығармақта.
Егер де, светофор шырақларындағы ўақыт (секунд) көрсеткиши бар болғанда, авариялық бахытсыз ҳалатлар, нызамбузыўшылық жағдайлар ҳәм жол ҳәрекети қағыйдаларын бузыў жағдайлары саны кемейген, халық наразышылығы пәсейген болар еди. Себеби, сақлық, қәўипсизлик бәршеге керек.
Инсан өмири бир мәрте бериледи. Солай екен, бундай жағдайларды болдырмаў, жолларда унамсыз ҳәдийселердиң алдын алыў, автотранспорт қуралларының еркин ҳәрекетлениўи ушын қолайлы шараятлар жаратып бериў бағдарындағы ислердиң тийисли басшылар тәрепинен аз ўақытлар ишинде унамлы шешим табыўына исенип қаламыз.

Нурмағамбет Джиенбаев,
журналист.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Уқсас жаңалықлар

«Камера алдындағы өлим…» ямаса белгили фотосүўрети өзине өлим алып келген фотографтың аянышлы тәғдири

«Камера алдындағы өлим…» ямаса белгили фотосүўрети өзине өлим алып келген фотографтың аянышлы тәғдири

        «Камера алдындағы өлим»… «Қара қус ҳәм қыз»… «Судандағы ашлық»… 1993-жыл 26-март сәнесинде «The New York

Мектеплер ҳәм бақшалардың алдында тезлик 30 километрден өтпеўи шәрт – Шавкат Мирзиёев

Мектеплер ҳәм бақшалардың алдында тезлик 30 километрден өтпеўи шәрт – Шавкат Мирзиёев

Бүгин, 11-февраль күни Президент Шавкат Мирзиёев басшылығында өткерилип атырған видеоселектор жыйналысында мәмлекет басшысы жолларда қатнаўды шөлкемлестириў...

Үстиртте 11 бас жайранды аўлаған пуқараларға төрт жыллық еркинен айырыў жазасы ҳәм 400 миллион сумнан аслам жәрийма тайынланды

Үстиртте 11 бас жайранды аўлаған пуқараларға төрт жыллық еркинен айырыў жазасы ҳәм 400 миллион сумнан аслам жәрийма тайынланды

Көпшиликтиң хабары бар, усы жылдың 24-май күни «Қубла Үстирт» миллий тәбият бағының мәмлекетлик инспекторлары тәрепинен Қоңырат...