Telegram karinform

Жәмийет

  • 16.05.2019 09:58
  • 1260

15-май – Халық аралық шаңарақ күни Нөкис қаласында қалай өтти?



15-май – Халық аралық шаңарақ күни мүнәсибети менен усы жылдың 14-май сәнесинде ғалаба хабар қураллары қатнасында «Оила» илимий-әмелий изертлеў орайы Қарақалпақстан Республикасы Басқармасы тәрепинен брифинг өткерилди. 15-май күни Нөкис қалалық ПХАЖ бөлиминен некесин рәсмийлестирип атырған Зийнатдиновлар шаңарағына «Оила» илимий-әмелий изертлеў орайы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен естелик саўғалары тапсырылды.







Буннан тысқары, бул күнди көтериңки руўхта өткериў мақсетинде Жас тамашагөйлер театрында байрам концерти шөлкемлестирилди. Байрам концерти «Оила» гимни менен басланып, илаж даўамында бирге ислесиўши мәкемелерге миннетдаршылық «Оила» орайы районлық бөлимлери ишинде ең жақсы көрсеткишлерге ийе болған районлық бөлимлерге ҳәм шаңарақлардың беккемлигин арттырыўда өзиниң салмақлы үлесин қосқан қәнигелерге ҳүрмет жарлықлары тапсырылды.

Сахибжамал Есемуратова


Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...