Telegram karinform

Жәмийет

  • 20.05.2019 14:52
  • 1274

1-июньнан баслап тәбийғый газ ҳәм электр энергиясының баҳасы қымбатлайды


Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 1-ноябрьдеги «Жанармай-энергетикалық ресурслардың баҳасы ҳәм тарифлерин басқышпа-басқыш өзгертиў ҳаққында»ғы 897-санлы қарарына муўапық, 2019-жыл 1-июньнан баслап тәбийғый ҳәм суйытылған газ және электр энергиясы ушын баҳалар қымбатлайды.
Тәбийғый газдиң (1 куб/м ушын) баҳасы:
- есаплаў әсбаплары болғанында халықтың коммуналлық турмыслық зәрүрликлери ушын – 350 сум;
Есаплаў әсбаплары болмаған жағдайда халықтың коммуналлық турмыслық зәрүрликлери ушын:
- аўқат таярлаў ҳәм ыссы суў тәмийнаты ушын – 605 сум;
- жылытыў системасы ушын – 350 сум есапланады.

Электр энергиясының баҳасы (1 кВт сааты ушын):
- I ҳәм II топардағы тутыныўшылар ушын – 370 сум;
- III топардағы тутыныўшылар ушын – 280 сум;
- IV топардағы тутыныўшылар ушын – 392 сум етип белгиленеди.

Әмелдеги баҳалар ҳәм көтерилген баҳалардағы салыстырманы усы хабардағы мағлыўматлар тийкарында салыстырып алыўыңыз мүмкин.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...