Telegram karinform

Жәмийет

  • 20.05.2019 17:26
  • 1071

Журналистика кафедрасының доценти Малика Жумамуратова Қырғызстанда студентлерге лекция оқымақта

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети журналистика кафедрасының доценти, ф.и.к. Малика Жумамуратова Қырғызстан Республикасы Ош мәмлекетлик университетинде студентлерге сабақ бермекте. Усы жылдың 14-15-май күнлери университеттиң Филология факультети Журналистика қәнигелигиниң студентлерине «Қарақалпақстан журналистикасының раўажланыў тенденциялары» темасында лекция өтти.

Журналистика кафедрасының доценти Малика Жумамуратова Қырғызстанда студентлерге лекция оқымақта

Лекциялардан соң Малика Жумамуратова Ош мәмлекетлик университети бойлап саяхат етип, университеттиң оқыў процеси менен жақыннан танысты. «Ынтымақ» Қырғызстан Республикасы Телерадиокомпаниясының «Мунаввар кун» көрсетиўинде мийманда болып, сәўбет өткерди.

Журналистика кафедрасының доценти Малика Жумамуратова Қырғызстанда студентлерге лекция оқымақта

Журналистика кафедрасының доценти Малика Жумамуратова Қырғызстанда студентлерге лекция оқымақта

Малика Жумамуратованың, Ош мәмлекетлик университети журналистика кафедрасының оқытыўшылары ҳәм студентлериниң фейсбук социаллық тармағындағы мағлыўматлары ҳәм сүўретлерине қарағанда, Малика Жумамуратованың студентлерге берген билимлери, өткен лекциялары мағлыўматларға бай болған.
Профессор-оқытыўшылардың тәжирийбе алмасыўы, оларды сабақ процесине тартыў еки университет, әсиресе журналистика кафедралары ортасындағы байланысларды және де беккемлеўи сөзсиз.

Журналистика кафедрасының доценти Малика Жумамуратова Қырғызстанда студентлерге лекция оқымақта

Журналистика кафедрасының доценти Малика Жумамуратова Қырғызстанда студентлерге лекция оқымақта

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Өзлестириў көрсеткиши жоқары болған социаллық белсенди студентлерге тәлим гранты бериледи

    ️Енди жоқары курслардағы өзлестириўи жақсы ҳәм социаллық белсенди студентлер толық ямаса белгили бир бөлеги муғдарында

Өзлестириў көрсеткишине қарап студентлерге грантларды қайта бөлистириў тәртиби тастыйықланды

    Ҳүкимет қарары менен Жоқары билимлендириў шөлкемлеринде студентлерге грантларды бериў ҳәм қайта бөлистириў тәртиби ҳаққындағы реже

Әжинияз Қосыбай улының  шығармалары түркмен тилинде басылып шықты

    Әжинияз шайырдың 200 жыллығы мүнәсибети менен шығармалары түркмен тилине аўдармаланып китап ҳалында басылып шықты. Онда