Telegram karinform

Жәмийет

  • 21.05.2019 17:37
  • 1295

Оқыўшылар тик турған ҳалда сабақты жақсы өзлестиреди

Оқыўшылар тик турған ҳалда сабақты жақсы өзлестиреди
Техастағы саламатлық ҳәм билимлендириў мәселелерин үйрениў басқармасы алымлары оқыўшылар сабақ ўақтында отырмастан, сабақты тик турған ҳалда тыңласа жақсырақ өзлестиреди, деген пикирге келди.
Олар отырған ҳалда сабақты тыңлайтуғын ҳәм тик турған ҳалда сабақта қатнасатуғын оқыўшылар арасында излениўлер алып барды. Ҳайран қаларлы тәрепи, тик турған ҳалда сабақта қатнасқан оқыўшылар отырғанларға қарағанда 7 минут көбирек ўақыт даўамында оқытыўшыға итибар қарата алған. Отырғанлар болса көбиреп шалғып, сабақ мазмунын тик турғанларға салыстырғанда азырақ өзлестирген.
Буннан келип шыққан айырым мектеплер излениў нәтийжелерин турмысқа енгизиў мақсетинде сабақ ўақтында оқыўшыларды тик ҳалда сақлап турыўға мәжбүр етиўши класс парталарынан пайдаланған.
Әлбетте, оқыўшылар отырыўды жүдә қәлеген ўақытларында олар ушын отыратуғын отырғышлар таярлап қойылған, бирақ бул парталардың тийкарғы мақсети оқыўшыларды көбирек ўақыт тик ҳалда сақлап қалыў болғанлығы себепли бундай парталарда тик ҳалда турып ислеў аңсатырақ.
Излениўлер нәтийжесинде отырған оқыўшыларға қарағанда тик ҳалда сабақты өзлестирип атырған оқыўшылар төмендеги жағдайларда белсенди болады екен:
 Сабақ ўақтында берилетуғын тапсырмаларға жуўап бериўде қол көтериў;
 Сабақта улыўмалық пикир алмасыўларда қатнасыў;
 Сораўларға жуўап бериў;
 Нәўбетсиз, басқалар гәпин бөлип сөйлеўден шеклениў.

Бир жыллық мектеп оқыўшыларына сабақ бериў ҳәм абитуриентлерди жоқары оқыў орнына таярлаў даўамында жоқарыдағы излениўлерди Шоманай районында эксперимент өткерип бул излениўлер нәтийжеси дурыс, деген шешимге келдим ҳәм усы пикирди қоллап-қуўатлайман. Оқыўшылардан аноним көринисте сораўнамалар өткериў нәтийжесинде көпшилик оқыўшылар тик турып сабақты тыңласа жақсы өзлестириўин ҳәм кейинги сабақта тик турмаў ушын сабаққа таярланып келиў пикирлерин билдирди.
Тик турған ҳалда сабақты жақсы өзлестириў мүмкинлиги ҳаққында илимий излениўдиң инглис тилиндеги нусхасын оқыў ушын бул жерге басың. http://dx.doi/10.1080/14635240.2015.1029641.
Бул мақала http://azamat.uz сайтынан алынды.

Әдил Кеңесбаев,
НМПИ магистранты.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...