
Усы жылы Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң ҳәр жылы дәстүрге айланған «Жоқары оқыў орнының ең жақсы педагогы» республикалық таңлаўында университетимизден 5 профессор-оқытыўшы – профессор Қ.Исмайлов, физика-математика илимлери докторы К.Қудайбергенов, доцентлер М.Жумамуратова, З.Реймова ҳәм Н.Сағындықовалар ҳәр түрли номинациялар бойынша жеңимпаз болды. Бул әлбетте, университет жәмәәтиниң үлкен жетискенлиги есапланады. Бул оқытыўшылардың жас әўладты тәрбиялаўдай ийгиликли жумысларында табыслар, күш-жигер тилеп қаламыз!
Сахибжамал Есемуратова