
Өзиниң қан группасын билмейтуғын адамлар көпшиликти қурайды, десек өтирик болмайды. Арнайы ўақтыңызды ажыратып, өз қан группаңызды анықлаўға ҳәрекет етиң. Қан группаңыздың қандай болыўының да үлкен әҳмийети бар. Инсанлардың қан группалары психологлардың дыққат орайында тур. Өйткени, олар қан группаңызға қарап минез-қулқыңызды анықлайды. Төменде сиз журналистика бағдарының 4-курс студенти Н.Арепбаеваның усы темадағы таярлаған материалы менен танысасыз.
I қан группасы
Бул группадағы адамлар басқарыўды хош көреди. Өзине басқа биреўдиң үстемлик орнатыўын улыўма қәлемейди. Бир ўақыттың өзинде бирнеше жумысты баслап жүреди, бирақ, көпшилигин ақырына жеткермейди ямаса жуўмағына жеткеретуғын адам табады. Бәрҳа алдында жүреди, илажларды жақсы шөлкемлестиргиш болады. Сүйген инсанына жүдә опалы болады. II ямаса III қан группасындағы адамлар менен жақсы жуп болады.
II қан группасы
Бул группаға киретуғынлар оғада сезимге берилгиш болады. Басқалар менен жақсы қарым-қатнаста болады ҳәм өзине салыстырғанда өзгелердиң мәселесин шешиўге бейим болады. Жақын адамлары, дослары көбинесе олардан кеңес, мәсләҳәт сорап мүрәжат етеди. I ҳәм IV қан группасындағы адамлар менен жақсы келисе алады.
III қан группасы
Бул группадағыла оғада өзимшил болады. Қасарысқан жеринен қан алмай қоймайды. Сонлықтан да, усы қан группасындағы адамлардан ишки ислер хызметкери, тергеўши, детектив, салық хызметкери сыяқлы қәнигелер көбирек жетисип шығады. I ҳәм IV қан группасындағы адамлар менен жақсы шаңарақ болады.
IV қан группасы
Көпшилик жыйналған орталықты оншелли унатпайтуғын адамлардың қан группасы IV болады. Өз билими ҳәм сабыр-тақатының арқасында изертлеген илиминиң түп-тийкарына жетеди. Көп ойланады. Олардан жақсы илимпаз шығады. II ямаса III қан группасындағы адамлар менен жақсы жуп болады.