Telegram karinform

Жәмийет

  • 07.06.2019 15:08
  • 1423

Тәўипшилик пенен шуғылланыўға рәсмий түрде рухсат берилди ме?


Усы жылдың 22-май күни қабыл етилген «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамға муўапық, 1996-жыл 29-августтағы «Пуқаралардың денсаўлығын сақлаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамының 41-статьясына қосымша ҳәм өзгерис киргизилди.
Оған муўапық, «Медициналық мағлыўматқа ийе болмаған шахслар да Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Халық медицинасы усылларынан пайдаланған ҳалда медициналық хызмет көрсетиў жумысларын лицензиялаў бойынша арнаўлы комиссияның жуўмағы тийкарында халық медицинасы усылларынан пайдалана отырып медициналық хызмет пенен шуғылланыў ҳуқықына ийе болады», - деп белгилеп қойылды.
Көпшиликке белгили, алдынлары тәўиплер дизимнен өтпестен жумыс алып барған. Сол себепли, олар ислеп тапқан пуллардан мәмлекетке салық та төленбеген. Буннан былай олар юридикалық шахс сыпатында мәмлекетлик дизимнен өткеннен соң ғана жумыс алып барыўы белгиленбекте.
Сондай-ақ, Президент қарарына муўапық, буннан былай халық медицинасы усылларынан пайдаланған ҳалда медициналық хызмет көрсететуғын шахслар өз хызметлериниң нәтийжелери бойынша медицина хызметкерлери ушын нызамларда нәзерде тутылған көлемде жуўапкер болып есапланады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет