Telegram karinform

Жәмийет

  • 18.06.2019 16:08
  • 1595

Жумыстан пулсыз дем алыс қанша ўақытқа шекем бериледи?



Өзбекстан Республикасы Мийнет кодексиниң 150-статьясына муўапық, жумыс бериўши ҳәм жумысшы ортасындағы келисим бойынша пулсыз мийнет дем алысы берилиўи мүмкин. Буның ушын жумыс бериўши разылық бериўи керек, деп жазады telegram’дағы Юридикалық мағлыўмат каналы.
Бирақ пулсыз мийнет дем алысы 12 ай даўамында 3 айдан артық болмаўы керек.
Төмендеги шахсларға жумыс бериўшиниң разылығы яки разы емеслигине қарамастан ҳәр жылы 14 календарь күн пулсыз дем алыс берилиўи шәрт:
1. Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм оларға теңлестирилген шахсларға;
2. Жумыс ислеп атырған биринши ҳәм екинши группа майыплығы болған шахсларға;
3. 2 жастан 3 жасқа шекем баласын тәрбиялап атырған аналарға;
4. Еки ҳәм оннан артық 12 жасқа толмаған перзентлерин тәрбиялап атырған шахсларға;
5. Мийнет нызамшылығы ҳәм басқа норматив хүжжетлерде, сондай-ақ мийнет шәртнамасында нәзерде тутылған баска жағдайларда.

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

            2025-жыл 30-июньнен баслап, визасыз Россияға киретуғын сырт ел пуқаралары «Gosuslugi RUID» мобиль қосымшасында дизимнен өтип,