Telegram karinform

Жәмийет

  • 22.06.2019 12:21
  • 1101

Нөкистеги Президент мектебине онлайн қабыллаў жуўмақланды. Қабыллаў орайларында бүгин жуўмақланады. Неше оқыўшы ҳүжжет тапсырды?


Кеше, 21-июнь күни саат 12:00 де Президент мектеплерине онлайн түрде ҳүжжет қабыллаў жуўмақланды. Қабыллаў орайларында қабыллаў процесси бүгин, 22-июнь күни жуўмақланады.
Президент мектеплерине улыўма 27 709 талабан ҳүжжет тапсырған. Соның 9380 и (34 проценти) онлайн, 18 329 ы (66 проценти) болса офлайн түрде, яғный тиккелей қабыллаў орайлары арқалы ҳүжжет тапсырған.
Соның ишинде, Қарақалпақстандағы Президент мектебине 7417 талабан ҳүжжет тапсырған болып, бир орынға орташа 51 оқыўшыдан туўра келмекте.

Яғный, буны класслар кесиминде қарайтуғын болсақ:
5-класс ушын улыўма 2020 талабан, 1 орынға орташа 84 талабан;
6-класс ушын улыўма 1354 талабан, 1 орынға орташа 56 талабан;
7-класс ушын улыўма 1254 талабан, 1 орынға орташа 52 талабан;
8-класс ушын улыўма 1091 талабан, 1 орынға орташа 45 талабан;
9-класс ушын улыўма 1033 талабан, 1 орынға орташа 43 талабан;
10-класс ушын улыўма 665 талабан, 1 орынға орташа 27 талабан.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў