Telegram karinform

Жәмийет

  • 24.06.2019 12:46
  • 1221

Күнниң темасы: Пуқаралық ҳәм хызмет қуралларын қандай жағдайларда қолланыўға болады?


Олий Мажлис Сенатының 20-улыўмалық мәжилисинде «Қурал ҳаққында»ғы нызам мақулланды. Kun.uz сайтының хабар бериўинше, бул нызам Президент тәрепинен тастыйықланғаннан соң 6 ай өткеннен соң расмий түрде күшке киреди.
Өзбекстан аймағында қурал менен қатнас, оның ҳуқықый түсиндирмеси, түрлери ҳәм басқа қатнасықларға анықлық киргизилген усы нызамда пуқаралық ҳәм хызмет қуралынан пайдаланыў жағдайлары да белгилеп берилген.
Нызамның 26-статьясында атап өтилиўинше, пуқаралық ҳәм хызмет қуралын сақлаў және алып жүриў ҳуқықына ийе болған физикалық шахслар зәрүрли қорғаныў жағдайында ямаса оғада зәрүр жағдайда өз өмири ҳәм денсаўлығын, басқа пуқаралардың өмири ҳәм денсаўлығын және мүлклерин қорғаў ушын қуралды қолланыўы мүмкин.
Соның менен бирге, қуралды қолланыўдан алдын, қарсы қурал қолланып атырған адамды анық аңлатылған түрде ескертиў керек. Ескертиў имканы болмаса ямаса қуралды кешлеў қоллаўы пуқаралар ҳәм қурал ийесиниң өмирине тиккелей қәўип пайда етсе яки болмаса басқа аўыр ақыбетлерге алып келиўи мүмкин болғанда, ескертиўсиз қоллаўға рухсат бериледи.
Бирақ, қуралдың қолланыўы үшинши шахсларға зыян жеткермеўи керек.
Нызамның статьясында атап өтилиўинше, ҳәмиледарлық белгилери көринип турған ҳаяллар, майыплық белгилери көринип турған шахслар ямаса анық көринип турған яки ержетпегенлерге қарата пуқаралық ҳәм хызмет қуралын қоллаў қадаған етиледи. Бирақ, олар қураллы қарсылық көрсеткенде, пуқаралардың ямаса қуралды қолланып атырған адамның өмири ҳәм денсаўлығына қәўип салып ҳүжим еткенде, жоқарыдағы адамларға қарсы қуралды қолланыў мүмкин болады.
Сондай-ақ, қурал ийеси қуралын қоллаған, пуқаралардың өмири ҳәм денсаўлығына зыян жеткерген ҳәр бир жағдай ҳаққында қурал қолланылған орындағы ишки ислер мәкемесине дәрриў хабар бериўи шәрт және пуқаралардың денсаўлығына зыян жеткен жағдайда, оларға биринши медициналық жәрдем көрсетиўи, биринши жәрдем берилиўи илажларын көриўи керек.
Ишки ислер мәкемеси болса, усы сыяқлы ҳәр бир жағдай бойынша прокурорға дәрриў хабар береди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...